Форум Пекин университети, Пекин қалалық билимлендириў комитети, Чей перспективалы изертлеўлер институты (Қубла Корея) тәрепинен Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңеси ҳәм Билимлендириў министрлигиниң жәрдеминде шөлкемлестирилди.

8-ноябрьге шекем даўам еткен Пекин форумының жумысында дүньяның 30 мәмлекетинен 500 ден аслам илимпаз ҳәм экспертлер, сиясий топарлар ҳәм дипломатиялық корпус ўәкиллери қатнасты.

Пекин форумының жумысында Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы директорының биринши орынбасары Мирзатилло Тиллабоев қатнасты.

Пекин форумы социаллық раўажланыў, цивилизациялардың үнлеслиги ҳәм инсанияттың раўажланыўына хызмет ететуғын гуманитар ҳәм социаллық пәнлер, халықаралық илимий алмасыў ҳәм мәдениятлараралық қарым-қатнасты раўажландырыўға жәрдемлеседи.

Пекин форумы қатнасыўшылары пүткил адамзат тарийхы даўамында ҳәр бир технологиялық секириў цивилизация келбетине ҳәм оның раўажланыў бағдарына терең тәсир көрсетип, ҳәр қыйлы дәстүрлерди сөйлесиў арқалы жаңалаўға ийтермелегенин атап өтти. Бүгинги күнде глобал технологиялық трансформация мисли көрилмеген көлемде ҳәм тезликте раўажланбақта.

Форумда техникалық раўажланыў билимлерди жаратыў ҳәм тарқатыў, қәдириятларды әўладтан-әўладқа жеткериў ҳәм өзликти мәдений көрсетиў түрлерин түп-тийкарынан өзгертип атырғаны атап өтилди. Ол цивилизациялараралық билим алмасыў ҳәм интеллектуал бирге ислесиў ушын жаңа майдан жаратыў менен бирге, билимлер дәрежесиндеги айырмашылық ҳәм санлы теңсизлик сыяқлы машқалаларды да келтирип шығармақта.

Жедел технологиялық өсиў шараятында адамгершилик руўхын ҳәм цивилизациялардың ҳәр түрлилигин қалай сақлап қалыў ҳәм технологиялар терең байланыс ҳәм өз-ара илҳамланыўға хызмет етиўи ушын нәтийжели жолларды табыў дәўиримиздиң әҳмийетли мәселеси болып табылады. Пекин форумы халықаралық илимий жәмийечиликте перспективалы изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм пикирлесликке ерисиўге жәрдемлескен ҳалда, заманагөй тенденцияларды аңлаў, илимий пикирлеўди бирлестириў ҳәм турмыслық мәселелерге шешим табыўға умтылмақта.

Форумның жалпы ҳәм 13 секция мәжилислеринде технологиялық трансформация философиясы: илимий әмелият, қәдириятлар ҳәм цивилизациялар қарым-қатнасы; санлы гуманитарлық пәнлер ҳәм классикалық шығыстаныў; технологиялық трансформация ҳәм халықаралық раўажланыў; технологиялар, гегемонлық ҳәм цивилизациялардың өз-ара байыўы сыяқлы бир қатар мәселелер додаланды.

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы

Миллий орайының баспасөз хызмети.