"9 сааттың сыры неде?" атамасы менен жазылған жазыўларда журналист Президенттиң ўатанласлар менен ушырасыўында айтқан "Билесизлер ме, Президент болып мени не қыйнайды? Маған ўақыт жетпейди!" деген сөзлерин келтиреди.

Азиза Қурбонованың жазыўынша, Сеул Ташкенттен төрт саат алдында. 15-сентябрь күни Өзбекстанда азанғы саат 6 да мәмлекет басшысы Корея Миллий Ассамблеясында ушырасыў өткерип атырған еди.

Журналист Президент парламент спикери менен хошласып атырғанда "Жумысларымыз жүдә көп, саат 4 те ояныўға туўра келип атыр", дегенин де атап өткен.

Оның атап өтиўинше, мәмлекет басшысының сол күнги жумыс бағдарламасында бир неше ушырасыў ҳәм қабыллаўлар, Өзбекстан-Корея бизнес форумында шығып сөйлеў, ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими, Өзбекстан ўәлаятларындағы 5 қоспа жаңа жойбарға старт бериў, Кореяның 10 ири компаниясы менен сөйлесиўлер ҳәм ўатанласлар менен ушырасыў бар еди.

Журналист протокол хызмети мәмлекет басшысына бир неше мәрте "9 саат болды", деп еслеткенин жазады. Бирақ Президент ўатанласлар менен сөйлесиўди даўам еттирген.

Ушырасыўда Кореяда билим алып ҳәм мийнет етип атырған өзбекстанлылар менен мәмлекетлер арасындағы қатнасықлар, олардың жумысы ҳәм усыныслары ҳаққында сәўбетлесилди.

..."Мен машинада көп жүриймен, көшеде бир-бири менен сөйлесип баратырған жасларды көрип ойлайман: қәнекей олар бул ең бахытлы күнлери екенин билсе еди...

Билесизлер ме, Президент болып мени не қыйнайды? Маған ўақыт жетпейди!" деген Президент сөйлесиў ўақтында. 

Қурбонова Кореяда изертлеў алып барып атырған Елена Чуянова "ппалли-ппалли" - тезлик мәденияты ҳаққында айтқанын да келтиреди. Оның талқылаўында, бул раўажланыўдан артта қалмаў, ўақытты тек физикалық емес, ал руўхый жақтан да жеңиўди аңлатады.

Журналист бул қатнасты Президенттиң "асықпастан асығыў" принципи менен салыстырады.

"Бир минут та ўақтыңызды бийкарға өткермең. 5 жыл өтеди, 10-15 жыл өтеди. Өзбекстанды ким басқарады? Сизлер. Дурыс, сағыныш қыйнайды. Ўатан сағынышы менен көбирек илим алың, Ўатанға садықлық пенен хызмет етиң", - деген Президенттиң сөзлерин келтиреди журналист.

Қурбонованың жазыўынша, ўатанласлар менен ушырасыўдан кейин де мәмлекет басшысының жумыс күни даўам еткен. 16-сентябрь күни Орайлық Азияның бес мәмлекети ҳәм Корея Республикасы қатнасыўында саммит өткерилиўи режелестирилген.

"Қашан басшы дем алады - бул сораўға жуўап табыў пүткил делегация ушын ҳәзирше жумбақ", - деп жазады журналист.

Ол өз жазыўларын Президенттиң "Өзимди де қыйнайман, сизлерди де, ислемегенше қоймайман, бизге 40 миллион халық қарап тур. Оларды разы етиўимиз керек", деген сөзлери менен жуўмақлайды.