Бүгинги күнде дүньяда әҳмийетли минераллар ҳәм металларға талап жедел өсип бармақта. Атап айтқанда, дәстүрий металларға талап жылына орташа 1 процентке өсип атырған болса, критикалық минераллар базарында бул көрсеткиш 10 процентти қурамақта. Соған муўапық, елимизде де бар минерал-шийки зат базасидан нәтийжели пайдаланыў, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў ҳәм экспорт потенциалын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Презентацияда дәслеп “Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты”ның жумысы ҳәм оны раўажландырыў режелери көрип шығылды.

Комбинатта геологиялық-излеўден баслап, қазып алыў, байытыў, терең қайта ислеў ҳәм таяр өним ислеп шығарыўға шекемги толық технологиялық шынжырды қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Усы жылдың ақырына шекем 12 инвестициялық жойбарды иске қосыў, локализацияланған өнимлердиң түрин көбейтиў, жоқары тазалықтағы селен ҳәм теллур ислеп шығарыўды кеңейтиў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы әҳмийетли минераллар бойынша перспективалы жойбарларды жеделлестирип, ҳәзирги 5 түрдеги өнимге (вольфрам, молибден, селен, теллур, рений) қосымша және 11 түрдеги өним (никель, кобальт, графит, сурма, қалайы, марганец, платина, ванадий, сынап ҳәм мыс) ислеп шығарыўды өзлестириў ўазыйпасын қойды. Сондай-ақ, тараўға илим жетискенликлерин кеңнен тартып, қосымша минерал резервлерди анықлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Режеге бола, 2030-жылға шекем 16 түрдеги әҳмийетли металлар бойынша өндирис көлемин 2,7 миллиард доллардан арттырыў нәзерде тутылмақта.

Әсиресе, вольфрамды терең қайта ислеў бойынша ири жойбарлар ислеп шығылған. Оларды әмелге асырыў ушын 1,1 миллиард доллар инвестиция тартыў, 2030-жылға барып бул бағдарда өндирис көлемин дерлик 2,2 миллиард долларға жеткериў мөлшерленген.

Сондай-ақ, сийрек ушырасатуғын ҳәм сийрек ушырасатуғын жер элементлерине бай перспективалы майданларды өзлестириў, комбинаттың ресурс базасын кеңейтиў ҳәм инвестициялық жойбарларды жеделлестириў бойынша усыныслар көрип шығылды.

Презентацияда “Наўайыуран” кәрханасының усы жылдағы жумысы ҳәм өндиристи раўажландырыў режелери де додаланды.

Соӊғы жыллары жәҳән базарында уран шийки затына талап 15-20 процентке артқан. 2030-жылға шекем болса және 28 процентке өсиўи күтилмекте.

Бундай шараятта елимизде уранды қазып алыўдыӊ көлемин көбейтиў, жаңа кәнлерди өзлестириў, өндиристиӊ нәтийжелилигин арттырыў ҳәм уран санаатын зәрүр ресурслар менен турақлы тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Усы мақсетте быйыл геологиялық-излеў ҳәм технологиялық бураўлаў жумысларын кеңейтиў, өндирислик инфраструктураны раўажландырыў, қосымша сорбция қурылмаларын иске қосыў ҳәм 250 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

Кәрхананың өндирислик көлемин арттырыўда зәрүр химиялық реагентлер тәмийнаты әҳмийетли орын ийелейди. Сонлықтан, жергиликли санаат кәрханалары арасындағы кооперацияны күшейтиў, техникалық күкирт, сульфат ҳәм азот кислотасын жеткерип бериўдиӊ көлемлерин көбейтиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мәлимлеме берилди.

Президентимиз өндиристе альтернатив технологиялардан пайдаланыўды кеңейтиў, 2030-жылға шекем сульфат кислотасының орнын басатуғын реагентлердиң үлесин 40 процентке жеткериў зәрүр екенлигин атап өтти.

Улыўма, бул илажлар ҳәм жаңа өндирислик қуўатлықлар есабынан 2030-жылға шекем уран ислеп шығарыў көлемин усы жылдағы 7,5 мың тоннадан 15 мың тоннаға, анықланған резервлердиң көлемин болса 200 мың тоннаға жеткериў режелестирилмекте.

Презентацияның жуўмағында жуўапкерлерге инвестициялық жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў, кәрханалардың минерал-шийки зат базасын беккемлеў, жаңа технологиялық қуўатлықларды иске қосыў, жоқары қосымша қунлы өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм экспорт көлемин арттырыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.