Министрлик мағлыўматларына бола, Әмиўдәрья Тәжикстан ҳәм Аўғанстан аймақларындағы таўлардан басланатуғын Панж ҳәм Вахш дәрьяларының қосылыўынан пайда болады. Кафарнихан дәрьясы да Әмиўдәрьяның ири тармақларынан бири есапланады.

Әмиўдәрья бассейниниң жоқары бөлиминде, Тәжикстан аймағындағы Вахш дәрьясында Нурек суў сақлағышы жайласқан. 2026-жыл 9-октябрь жағдайына бола, суў сақлағышқа секундына 408 куб метр суў кирип келип, оннан шығарылып атырған суў муғдары болса секундына 320 куб метрди қурамақта. Суў сақлағыштағы суўдың көлеми 10 миллиард 540 миллион куб метрге тең.

Әмиўдәрьяның Өзбекстан аймағына кирип келетуғын бөлиминдеги суў қәдди Термиз гидропостында бақланады. 2026-жыл 9-октябрь күни усы гидропостта суўдың қәдди 239 сантиметрди қураған. Бул 2025-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 27 сантиметрге көп.

Сондай-ақ, Керки гидропостында суўдың сарпы секундына 499 куб метрди қурамақта. Бул көрсеткиш 2025-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 63 куб метрге аз.

Суў хожалығы министрлиги Мәлимлеме хызметиниң атап өтиўинше, келтирилген гидрологиялық көрсеткишлер Әмиўдәрьяда суў ағысы сақланып қалып атырғанын көрсетеди.

Атап өтилиўинше, сентябрь-октябрь айларында дәрьяларда суўдың сарпы ҳәм қәддин төменлеўи мәўсимлик гидрологиялық процесс есапланады. Вегетация мәўсими жуўмақланыўы мүнәсибети менен суў сақлағышларда кейинги мәўсим зәрүрликлери ушын суў резервлери топланбақта.