Елимиздиң қолайлы тәбийғый-ықлым шараяты, топырақтың өнимдарлығы ҳәм жыл даўамында бир жерден еки-үш мәрте өним алыў имканияты ҳәр бир қарыс жерден нәтийжели пайдаланыўды талап етеди. Усы көзқарастан, тийкарғы егинлер зүрәәти жыйнап алынғаннан кейин босайтуғын майданларда кешки ҳәм тоқсанбасты егинлерди жетистириў үлкен экономикалық ҳәм социаллық әҳмийетке ийе.

Бүгин егилген ҳәр бир туқым ертеңги күнниң зүрәәти, шаңарақтың абаданлығы ҳәм халық дастурханының молшылығы болып есапланады.

Бос турған жер – пайдаланылмаған имканият

Аўыл хожалығында жоқары нәтийжеге ерисиў тек ғана тийкарғы егинлерден мол өним алыў менен шекленбейди. Бәлким зүрәәт жыйнап алынғаннан кейин жерден және нәтийжели пайдаланыў, тәкирарый ҳәм кешки егинлерди өз ўақтында жайластырыў да үлкен әҳмийетке ийе.

Ғәлледен, ерте палыз егинлеринен ҳәм басқа егинлерден босаған майданларда ықлым шараятына сәйкес түрде гешир, ләблеби, шалғам, түрпи, редиска, пияз, чеснок, картошка ҳәм ҳәр қыйлы көк шөплерди жетистириў арқалы қосымша өним алыў мүмкин.

Бунда, әсиресе, гүзги-қысқы мәўсимде суўыққа шыдамлы егинлерди таңлаў, егиў мүддетлерине әмел етиў ҳәм агротехникалық илажларды өз ўақтында әмелге асырыў әҳмийетли.

Ҳәр бир аймақтың топырақ-ықлым шараяты, суў тәмийнаты ҳәм базар талабынан келип шығып егин түрлерин дурыс жайластырыў фермер ҳәм дийқан хожалықларының дәраматын арттырыўға хызмет етеди.

Қысқы дастурхан өнимлери

Кешки мәўсимде жетистирилетуғын палыз егинлери арасында тамыр мийўелер айрықша орын тутады. Гешир, ләблеби, шалғам, түрпи ҳәм редиска сыяқлы өнимлер халық тутыныўында кең қолланылыўы, сақланыў имканияты ҳәм азықлық қәдири менен ажыралып турады.

Гешир – халықтың дастурханынан жыл даўамында орын алатуғын, салатлар, аўқатлар ҳәм қайта исленген ҳәр қыйлы өнимлер таярлаўда кеңнен қолланылатуғын овош. Оны гүзде егиўде топырақтың жумсақлығына, ығаллығына ҳәм туқым егиў тереңлигине айрықша итибар қаратыў керек.

Ас ләблебиси де кешки мәўсимде жетистириў ушын перспективалы егинлерден бири. Оннан түрли салатлар, тағамлар ҳәм қайта исленген азық-аўқат өнимлери таярланады. Өнимди узақ мүддет сақлаў имканияты болса оның экономикалық әҳмийетин және де асырады.

Түрпи ҳәм редиска гүз мәўсиминде егилетуғын, салқын ҳаўа райына бейимлесиўши овошлар қатарына киреди. Оларды жетистириўде топырақты сапалы таярлаў, нормада суўғарыў, қатар араларын жумсартыў ҳәм шөплерден тазалаў әҳмийетли.

Сондай-ақ, редиска қысқа мүддетте зүрәәт бериўи менен ажыралып турады. Оннан гүзги ҳәм ерте бәҳәрги мәўсимлерде пайдаланыў мүмкин.

Турақлы талапқа ийе өнимлер

Пияз ҳәм чеснок халықтың азық-аўқат тутыныўында ең көп пайдаланылатуғын өнимлерден. Сонлықтан, оларды жетистириў көлемин көбейтиў ишки базарды турақлы тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди.

Гүзде пияз ҳәм чеснок егиў арқалы ерте бәҳәрде өним алыў имканияты бар. Бул егинлерди жетистириўде жерди егиўге сапалы таярлаў, туқымлық материалды дурыс таңлаў, егиў мүддети ҳәм тереңлигине әмел етиў, дәслепки раўажланыў дәўиринде ығаллықты тәмийинлеў талап етиледи.

Өсимликлерди жабайы шөплерден таза услаў, кеселлик ҳәм зыянкеслерге қарсы өз ўақтында гүресиў, минерал ҳәм органикалық төгинлерден илимий тийкарланған нормаларда пайдаланыў жоқары зүрәәт алыўдың әҳмийетли шәртлери болып есапланады.

Гүздиң ақыры ҳәм қыстың басында тоқсанбасты усылында овош жетистириў үлкен имканиятлар есигин ашады. Бул усылдың тийкарғы мәниси соннан ибарат, суўыққа шыдамлы овош егинлериниң туқымлары қыс алдынан, топырақ ҳәм ҳаўа райы шараятына қарап егиледи. Туқымлар қыс дәўиринде топырақта сақланып, қолайлы температура ҳәм ығаллық шараяты жүзеге келиўи менен ерте бәҳәрде өнип шығады.

Тоқсанбасты усылында гешир, ләблеби, шалғам, түрпи, көк пияз, исмалоқ, кашнич, укроп, петрушка жетистириў мүмкин.

Бул егинлерден ерте бәҳәрде өним алыў, базарға мәўсимниң ерте овош өнимлерин жеткерип бериў ҳәм дийқан хожалықларының қосымша дәрамат алыўы ушын пайдаланыў мүмкин.

Бирақ тоқсанбасты егиўде ең әҳмийетли тәрепи - туқымлардың гүзде-ақ өнип кетиўине жол қоймаў. Сол себепли егиў мүддети аймақтың ҳаўа райы шараяты, топырақ температурасы ҳәм ығаллығына қарап белгилениўи керек. Егин түри ҳәм сорты да тап усы усылға сай болыўы керек.

Қосымша дәрамат дереги

Кешки картошка жетистириў аўыл хожалығында жерден нәтийжели пайдаланыўдың әҳмийетли бағдарларынан бири. Әсиресе, ерте егинлер зүрәәти жыйнап алынған майданларда ықлым шараяты ҳәм мәўсим даўамлылығы имканият берсе, кешки картошка жетистириў арқалы қосымша өним алыў мүмкин.

Картошка егиўде туқымлық түйнеклердиң сапасы, сорт таңлаў, егиў мүддети, топырақ ығаллығы ҳәм азықландырыў системасына итибар қаратыў керек. Өсимликтиң өсиў дәўиринде қатар араларын жумсартыў, жабайы шөплерге қарсы гүресиў ҳәм топырақты жумсартып шабыў өнимдарлыққа унамлы тәсир көрсетеди.

Сондай-ақ, аймақтың ықлым шараятына қарап капуста, гүлли капуста, брокколи ҳәм басқа да овошларды гүзги мәўсимде жетистириў имканиятларынан пайдаланыў мақсетке муўапық.

Егин егиўдиң өзи жоқары зүрәәт алыў ушын жетерли емес. Буның ушын дурыс тәрбиялаў, ҳәр бир агротехникалық илажды өз ўақтында әмелге асырыў талап етиледи.

Бәринен бурын, егислик майданларын алдынғы егин қалдықларынан тазалаў, жерди сапалы таярлаў ҳәм топырақтың өнимдарлығын арттырыў зәрүр. Егиўден алдын топырақ анализин өткериў, өсимликтиң талабына қарап фосфорлы, калийли, жергиликли органикалық ҳәм минерал төгинлерден пайдаланыў мақсетке муўапық.

Суў ресурслары шекленген шараятта тамшылатып суўғарыў ҳәм басқа да суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланыў, суўғарыўды өсимликтиң раўажланыў фазасы ҳәм топырақтың ығаллығына қарап шөлкемлестириў әҳмийетли.

Қыстың кескин суўық күнлеринде болса егинлерди қорғаў илажларын көриў зәрүр. Соның ишинде, айырым майданларда агро талшық, ўақтыншалық плёнка қапламалары ҳәм мульчалаў усылларынан пайдаланыў мүмкин. Бунда қаплама астында артықша ығаллық топланыўына жол қоймаў әҳмийетли.

Кеселлик ҳәм зыянкеслердиң алдын алыў, егинлерди турақлы бақлап барыў ҳәм қорғаў илажларын өз ўақтында өткериў жоқары сапалы өним жетистириўге хызмет етеди.

Бүгинги күнде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тек ғана өним жетистириў көлемин көбейтиў емес, ал бар жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, мәўсимлик егинлерди дурыс жайластырыў, өнимди сақлаў ҳәм тутыныўшыға өз ўақтында жеткерип бериў менен де тығыз байланыслы.

Әсиресе, фермер ҳәм дийқан хожалықлары, қыйтақ жер ийелери ҳәр бир бос жерден үнемли пайдаланып, кешки ҳәм тоқсанбасты егинлер егиўге айрықша итибар қаратыўы зәрүр.

Бул арқалы, бириншиден, ишки базарға жеткерип берилетуғын овош өнимлериниң көлеми артады, екиншиден, халықтың қыс ҳәм ерте бәҳәр айларындағы азық-аўқат өнимлерине болған талабы тәмийинленеди, үшиншиден, фермер ҳәм дийқан хожалықларының қосымша дәрамат алыў имканиятлары кеңейеди.

Өзбекстан фермерлери кеңеси барлық фермер ҳәм дийқан хожалықларын, қыйтақ жер ийелерин бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланыўға, бос турған жер майданларын егинсиз қалдырмаўға, кешки ҳәм тоқсанбасты егинлерди өз ўақтында егип, тәрбиялаўға шақырады.

Себеби, жерге меҳир, мийнетке садықлық ҳәм ақылға уғрас қатнас бар жерде берекет болады. Ҳәр бир егилген туқым мол зүрәәтке, мол зүрәәт болса халқымыз дастурханының молшылығы ҳәм елимиздиң абаданлығына хызмет етсин!

Дилшод СУЛТОНОВ,

Өзбекстан фермерлери кеңеси бас қәнигеси