Атап айтқанда, атыз шетлери, салма ҳәм салма жағалары, бағ ҳәм жүзим атызларының қатар араларында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў әмелияты да кеңейип, жердиң ҳәр бир қарысын экономикалық айланысқа киргизиў ушын жаңа имканиятлар жаратылмақта. Әсиресе, тараўдың ҳуқықый тийкарлары избе-из жетилистирилип атырғаны жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў имканиятларын және де кеңейтпекте.
Атап айтқанда, 2024-жыл 17-июльдеги "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызамға бола аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасын бир жылға шекем, атыз шетлериндеги, каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы майданларды аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын он жылға шекем екилемши ижараға бериў имканияты жаратылды. Бул өзгерис жерге мүнәсибетти жаңалаўда әҳмийетли қәдем болды. Себеби бурын толық пайдаланылмаған ямаса итибардан шетте қалған майданларды иске қосыў арқалы қосымша өним жетистириў, дәрамат алыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў имканияты кеңейди.
Усы жыл 13-апрельдеги "Атыз шетлеринде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам болса жерден нәтийжели пайдаланыў бағдарындағы реформаларды жаңа басқышқа алып шықты. Бул ҳүжжет, бәринен бурын, аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары, атап айтқанда, атыз шетлериндеги имканиятларды толық иске қосыў, оларды қосымша өним ҳәм дәрамат дәрегине айландырыў ушын беккем ҳуқықый тийкар жаратты.
Аграр тараўдағы өзгерислер нәтийжесинде бурын пайдаланылмай турған атыз шетлери, каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы майданлар бүгин аўыл хожалығының әҳмийетли резервине айланбақта. Әпиўайы мысал: бүгин 90 мыңнан аслам фермер хожалығы атыз шетлери, салма ҳәм коллекторлардың бойында өним жетистирип дәрамат таппақта. Республика бойынша дерлик 100 мың гектар атыз шети толық пайдаланыўға өткерилип, олардан нәтийжели пайдаланылғаны есабынан ҳәр жылы 330 мың тоннадан аслам қосымша өним алыў имканияты пайда болды.
Атыз шетлеринен нәтийжели пайдаланыўды хошаметлеўде мәмлекет тәрепинен жаратылған ҳуқықый ҳәм экономикалық механизмлер де үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Соның ишинде, айырым аймақларда атыз шетлеринде өним жетистириўшилер ушын ишки фитосанитариялық сертификатты бир жыл даўамында бийпул бериў әмелиятының енгизилгени, инвитро усылында жетистирилген тамырлы мийўе нәллериниң қәрежетиниң 50 процентине шекем, ҳәр бир нәл ушын 25 мың сумнан аспаған муғдарда субсидия ажыратылыўы фермер ҳәм дийқанлардың мәпдарлығын арттырып, пайдаланылмай турған майданларды экономикалық айланысқа киргизиўге хызмет етпекте.
Президентимиздиң 2025-жыл 12-сентябрьдеги "Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерде өним жетистириўдиң үзликсизлигин тәмийинлеў ҳәм жерден пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы болса бос турған аўыл хожалығы жерлерин есапқа алыў, оларды қысқа мүддетте экономикалық айланысқа киргизиў ҳәм жерден үзликсиз пайдаланыўды тәмийинлеў механизмлерин белгилеп берди. Онда аўыл хожалығына мөлшерленген жер ажыратылған ижарашыларға ижараға берилген жер участкаларының бир бөлегине байланыслы ижара шәртнамасы бойынша өз ҳуқық ҳәм миннетлемелерин басқа шахсқа өткериў (қайта ижараға бериў) ҳуқықы берилди. Бул болса атыз шетлерине де тиккелей тәсир етип, жердиң ҳәр бир контуры есапқа алыныўы ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыў керек екенлигин және бир мәрте көрсетти.
Бүгин аймақлардағы мийўе-овощ жетистириўге қәнигелескен хожалықларда жаңа бағлардың қатар араларынан нәтийжели пайдаланыўға да үлкен итибар қаратылмақта. Ҳәзирги ўақытта елимизде 28 мыңнан аслам фермер бағшылық ҳәм жүзимгершилик пенен шуғылланбақта. Жаңа бағларда қатар араларынан ақылға уғрас пайдаланып, бағқа зыян жеткермейтуғын қолайлы егинлер жетистирилмекте.
Әсиресе, аўыл хожалығында инновациялық шешимлерди енгизиў бүгин нәтийжелиликти арттырыўдың әҳмийетли факторына айланбақта. Усындай перспективалы бағдарлардан бири дүнья әмелиятында барған сайын кеңнен қолланылып атырған агровольтаика усылы болып табылады. Бул технология бир майданның өзинде ҳәм аўыл хожалығы өнимин жетистириў, ҳәм қуяш панелинен электр энергиясын алыў имканиятын береди. Атап айтқанда, помидор жетистириў бойынша өткерилген тәжирийбелерде қуяш панеллери өсимликлердиң үстине орнатылған. Панельлер зүрәәтти күшли қуяш нурынан бираз қорғап, топырақтағы ығаллықтың тез пуўланыўын азайтты. Нәтийжеде өсимлик ушын қолайлы орталық жаратылып, суўдан нәтийжели пайдаланыў имканияты артқан.
Бүгин агровольтаика технологиясының атыз шетлери ҳәм бағ қатарлары аралығында қолланылып атырғаны да аўыл хожалығында ресурслардан нәтийжели пайдаланыў бағдарында жаңа имканиятларды ашпақта. Атап айтқанда, Ферғана ўәлаятының Қува районындағы "Қува агростар" кәрханасы ҳәм “Crown Ceramic” қоспа кәрханасында усы инновациялық технологияның енгизилгени бул бағдардағы әмелий қәдемлерден болып есапланады. Итибарлы тәрепи, бул агрокомплекслерде қайта тиклениўши энергия дәреклери, суўды үнемлеўши технологиялар ҳәм аўыл хожалығы өндириси өз-ара үйлескен. Нәтийжеде бир майданның өзинде өним жетистириў, электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм суў ресурсларынан үнемли пайдаланыў имканияты жаратылмақта.
Бул технологияның және бир әҳмийетли тәрепи соннан ибарат, оны шарўашылық пенен үйлестириў арқалы ресурслардан және де нәтийжели пайдаланыў мүмкин. Атап айтқанда, қуяш панелиниң саясында сақлаў қарамалларды ыссыдан сақлаў менен бирге, аймақтағы тәбийғый от-шөплерден азықлық сыпатында пайдаланыў имканиятын да береди. Шарўалардан алынатуғын органикалық төгин болса топырақ өнимдарлығын арттырып, егинлер ушын тәбийғый азықлық дәреги ўазыйпасын атқарады. Усы тәризде энергия ислеп шығарыў, суўдан үнемли пайдаланыў, шарўашылық ушын от-жем жетистириў ҳәм органикалық төгинлерден пайдаланыў өз-ара байланысқан бир пүтин системаға айланады. Ең әҳмийетлиси, бундай қатнас бир майданның өзинде бир неше бағдарда экономикалық нәтийже алыў, ресурслардың жумсалыўын азайтыў ҳәм экологиялық турақлы өндиристи жолға қойыў имканиятын береди.
Президентимиздиң 2025-жыл 31-октябрьдеги "Халықты азық-аўқат өнимлери менен турақлы тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары аўыл хожалығында имканиятлардан және де нәтийжели пайдаланыў, атап айтқанда, фермер хожалықларында шарўашылықты раўажландырыў ушын жаңа ҳуқықый имканиятлар жаратты. Оған муўапық, белгиленген талаплар тийкарында 20 сотыхқа шекемги майданда жеңил конструкциялы шарўашылық объектлерин қурыў ҳәм кеминде 60 бас ири қарамал бағыў имканияты бар. Бул фермерлердиң шарўашылықты жолға қойыў ҳәм қосымша дәрамат дәреклерин қәлиплестириўге қызығыўшылығын және де арттырды.
Экономикалық механизм иске қосылып, туқым, нәл, төгин, суў тәмийнаты ушын 100 миллиард сум, өнимлерди сақлаў ҳәм қайта ислеў ушын кептириў және суўытыў үскенелерине 50 миллиард сум қаратыў белгиленгени аграр тармақта өндирис нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етти.
Президентимиздиң 2024-жыл 30-декабрьдеги "Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында"ғы қарары болса аўыл хожалығында жасырын имканиятларды жүзеге шығарыў, ҳәр бир қарыс жерди өним ҳәм дәрамат дәрегине айландырыў бағдарындағы жумысларды пүткиллей жаңа басқышқа алып шықты.
Бул қарарда атыз шетлери менен бир қатарда каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы майданларда өним жетистириўдиң жаңа тәртиплери белгиленди. Соның ишинде, майданларды анық хатлаўдан өткериў, олардың өлшемин белгилеў, мағлыўматлар базасын қәлиплестириў, кадастр мағлыўматларын санластырыў, дронлар арқалы инвентаризациялаў, егин түрлерин аймақтың топырақ-ықлым шараятына бейимлестириў, фермерлер ҳәм дийқанларға агротехнологиялық жәрдем бериў сыяқлы механизмлер бул ҳүжжеттен орын алды.
Буның әҳмийетли тәрепи сонда, алдын "пайдаланылмай атырған майдан" деген түсиник улыўмалық характерге ийе болған болса, енди оларды анық есапқа алыў, санластырыў ҳәм экономикалық айланысқа киргизиў механизми пайда болды. Усы ҳүжжетке тийкарланып ҳүкиметимиз тәрепинен жаратылған имканиятлардан пайдаланған фермер ҳәм дийқан хожалықлары аймақтың топырақ-ықлым шараяты, суў тәмийнаты ҳәм базар талабынан келип шыққан ҳалда қолайлы егинлерди егиў арқалы қосымша өним жетистирип, жақсы дәрамат таппақта.
Мәселен, Тўрақорған районындағы "Комилов Турсунбой" фермер хожалығы бүгин 183 гектарда пахта, 120 гектарда ғәлле жетистирмекте. Хожалық жумысында заманагөй агротехнологияларды кеңнен енгизиўге айрықша итибар қаратылғаны суў ресурсларынан үнемли пайдаланыў, егинлерди өз ўақтында ҳәм нормада суўғарыў, нәтийжеде өнимдарлық ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етпекте. Ғәлледен босаған 120 гектар майданға тәкирарый егинлер, 2,5 гектар атыз шетине асқабақ егилип, ҳәзир зүрәәти жыйнап алынбақта. Атыз шетлерине болса 3000 түп жаңа сортлы алма ҳәм 1200 түп алша нәли егилип, тәрбияланбақта.
Шараф Рашидов районындағы "Қўрғонтепа" фермер хожалығына қараслы атыз шетинде болса 5 сотыхлы ыссыхана қурылып, ҳәр қыйлы түрдеги 1000 түп саяманлы нәл егилген. 200 қус бағылып, жылына 40-50 миллион сум, 250 бас қой ҳәм ешки бағыў арқалы жылына 320 миллион сум дәрамат алынып атыр.
Бүгин аўыл хожалығын халықаралық миннетлемелер ҳәм экологиялық талаплар менен үнлес раўажландырыў барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Усы жағынан климатқа сай аўыл хожалығына өтиў концепциясы жойбарының ислеп шығылғаны тараўда турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған үлкен қәдем болды.
Сонлықтан, ол Өзбекстан Республикасында климат өзгериўиниң аўыл хожалығына тәсирин жумсартыўдағы стратегиялық мақсет, ўазыйпа, принциплер ҳәм тийкарғы бағдарларды анықлаў, климат өзгериўиниң аўыл хожалығына унамсыз тәсирин азайтыў, тармақтың климат өзгериўине бейимлесиўшеңлигин арттырыў, жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, топырақ өнимдарлығын сақлаў ҳәм тиклеў, экологиялық қәўипсиз өним жетистириў және аграр илим ҳәм инновацияларды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп береди.
Әлбетте, атыз шетлери азық-аўқат өнимлерин жетистириў ушын әҳмийетли қосымша дәрек. Халықтың саны артып баратырған бүгинги шараятта аўыл хожалығы жерлерин турақлы кеңейтиў имканияты шекленген. Соның ушын тийкарғы итибар жаңа жерлерди өзлестириўге емес, ал бар майданлардың ҳәр бир қарысынан өнимли пайдаланып, көбирек өним жетистириўге қаратылыўы керек.
Келеси басқышта болса тийкарғы мақсет атыз шетлерин тек ғана егин егилетуғын жер емес, ал жоқары дәраматлы, суўды үнемлейтуғын, экспортқа қолайлы ҳәм қайта ислеў менен байланыслы болған киши агробизнес майданларына айландырыў мақсетке муўапық. Бундай қатнас жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм аўыл халқының дәраматын арттырыўға хызмет етеди.
Жерден, соның ишинде, атыз шетлери ҳәм бағ қатар араларынан өнимли пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған бул ҳәрекетлер тийкарында халқымыздың күнделикли зәрүр азық-аўқат өнимлерине талабын толық қанаатландырыў, елимизде жылдың төрт мәўсиминде де баҳаның турақлылығын тәмийинлеўдей ийгиликли мақсет жәмленген. Ҳәр бир қарыс жер абат болса, оннан дәрамат алынса, фермердиң де, аўылдың да экономикалық потенциалы жоқарылай береди.
Актам ҲАИТОВ,
Өзбекстан фермерлери кеңесиниң баслығы