Бектемир районында басланған бул баслама бүгин пайтахтымыздың барлық районларын қамтып алған. Жәми 120 миллион түптен кем болмаған, ҳәр бир районда 10 миллион түптен нәл жетистириў режелестирилген.

2026-жыл 18-ноябрь жағдайына бола:

жумысқа 1 мың 476 хызметкер тартылған;

61,23 миллион түп пута қәлемшелери егилген - ағымдағы егиў режесиниң 72,9 проценти орынланған;

бир күнде 3,56 миллион қәлемшелер егилген - күнлик режениң 84,8 проценти;

кейинги күни 4,4 миллион қәлемше резерви таярланды - режениң 122 проценти;

қәлемшелерди қорғаў ушын 16,94 гектар майданда жайлар ҳәм плёнкалар орнатылды - режениң 47,1 проценти. Соннан 0,70 гектары бир суткада үскенеленген.

Дәслепки нәтийжелер де көринип атыр! Егилген қәлемшелерде жас жапырақлар ашыла баслады. Бул өсимликлердиң раўажланыўы басланғанынан дәрек береди ҳәм алып барылып атырған жумыслардың қуўанышлы нәтийжеси болып есапланады.

Агротехникалық илажлардың сапасына айрықша итибар қаратылмақта. Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм "Ўздаверлойиҳа" мәмлекетлик илимий-жойбарлаў институты қәнигелериниң мәсләҳәт ҳәм әмелий жәрдеминде өсимликлердиң тамырланыўы, саламат раўажланыўы ҳәм буннан былай да өсиўи ушын зәрүр шараятлар жаратылмақта.