Соңғы жыллары елимизде тәлим-тәрбия системасын жаңа басқышқа алып шығыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылды. Қысқа ўақытта тараўға байланыслы көплеген нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, бул бағдардағы ҳуқықый база беккемленди.
Әсиресе, жаңа редакциядағы Конституциямызда муғаллимниң статусы айрықша белгилеп қойылғаны муғаллим ҳәм устазлардың жәмийеттеги абырайын арттырыў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин кепиллеў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў және келешек әўладтың тәрбиясына жуўапкершиликти және де күшейтиўде әҳмийетли ҳуқықый тийкар болды.
Кейинги жылларда қабыл етилген "Билимлендириў ҳаққында"ғы, "Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия ҳаққында"ғы, "Илим ҳәм илимий жумыс ҳаққында"ғы нызамлар елимиздиң тәлим-тәрбия ҳәм илим тараўында жаңа дәўирди баслап берди. Бул нызамлар тек ғана усы системалардың ҳуқықый тийкарларын беккемлеп қоймастан, ал жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында әҳмийетли өзгерислер ушын беккем тийкар жаратты.
Атап айтқанда, "Билимлендириў ҳаққында"ғы нызам елимизде билимлендириў тараўын заман талаплары тийкарында раўажландырыў, пуқаралардың билим алыў ҳуқықын исенимли кепиллеў ҳәм үзликсиз билимлендириў системасын жетилистириўдиң беккем ҳуқықый тийкарын жаратты. Ең әҳмийетлиси, ол бәркамал әўладты тәрбиялаў, бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаў ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына хызмет ететуғын инсан капиталын раўажландырыўға кең жол ашты.
2024-жыл 1-февральда қабыл етилген "Педагогтың статусы ҳаққында"ғы нызам болса муғаллим ҳәм устазлардың ҳуқықый статусын буннан былай да беккемлеўде әҳмийетли қәдем болды. Онда педагоглардың ҳуқықлары, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм исшеңлик абырайы мәмлекет қорғаўында екени қатаң белгилеп қойылғаны жәмийетте шын мәнисинде устаз кәсибиниң абырайын арттырыў, педагогларға болған ҳүрмет ҳәм итибарды және де жоқарылатыўға имканият берди.
Президентимиздиң усы жыл 3-октябрьдеги "Өзбекстан Республикасы Билимлендириў ҳәм илим министрлигин шөлкемлестириў ҳаққында"ғы пәрманы елимизде билимлендириў ҳәм илим тараўын избе-из реформалаў жолындағы әҳмийетли қәдем болды. Бул ҳүжжет билимлендириў ҳәм илимниң раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў, олардың өз-ара үйлесимлилигин ҳәм избе-излигин тәмийинлеў, ең әҳмийетлиси, билим ҳәм илимий потенциалды мәмлекет раўажланыўының стратегиялық факторына айландырыўға қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.
Демек, бул пәрманның тийкарында билимлендириўдиң түрли басқышларын бирден-бир логика тийкарында байланыстырыў, илимниң билимлендириў менен үйлесимлилигин күшейтиў ҳәм инсан капиталын раўажландырыўға қаратылған бир пүтин системаны қәлиплестириў мақсети жәмленген.
Пәрманның стратегиялық әҳмийети Президентимиз тәрепинен алға қойылған 7 миллий бағдарламаның мазмуны менен үнлес болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысы биринши миллий бағдарламаны билим ҳәм маманлықты раўажланыўымыздың тийкарғы капиталына айландырыўға бағдарлайтуғынын атап өтти. Бул көзқарас билимлендириў ҳәм илимди социаллық тараўдың айрықша бағдарлары сыпатында көриўден кеңирек мәниске ийе болып, инсан потенциалын мәмлекет раўажланыўының бас факторы дәрежесине көтериўди нәзерде тутады. Усы жағынан, Билимлендириў ҳәм илим министрлигин шөлкемлестириў усы стратегиялық мақсетти билимлендириўдиң барлық басқышлары ҳәм илим системасында избе-из әмелге асырыў ушын әҳмийетли институционаллық тийкар жаратады.
Пәрманға муўапық, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги және Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги негизинде Билимлендириў ҳәм илим министрлиги шөлкемлестирилди. Жаңа министрликтиң ўәкиллиги мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбиядан басланып, улыўма орта ҳәм орта арнаўлы, кәсиплик, жоқары, жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў, кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў, қосымша және рәсмий емес билимлендириўге шекемги процесслерди қамтып алады.
Бул өзгеристиң әҳмийети, бәринен бурын, билимлендириўдиң инсан өмириндеги үзликсизлигине жаңаша қатнас жасаўда көринеди. Инсанның билим ҳәм көнликпелери бир билимлендириў басқышынан екиншисине өткен сайын байып барыўы, мектепте алынған билим кәсиплик ҳәм жоқары билимлендириўде раўажланыўы, кейин ала болса мийнет искерлиги ҳәм илимий излениўлер менен үзликсиз даўам етиўи керек. Бирден-бир министрлик мине усы үзликсизликти басқарыў ушын институционаллық тийкар жаратады.
Бирлесиў, бәринен бурын, басқарыў процесслерин муўапықластырыў имканиятын кеңейтеди. Бирақ реформаның мазмуны буның менен тамамланбайды. Әҳмийетли тәрепи - ўәкилликлерди анықлаў, жуўапкершиликти күшейтиў ҳәм билимлендириўдиң сапасын өлшейтуғын нәтийже өлшемлерин енгизиў болып табылады.
Пәрманда жаңа министрликтиң жумысын нәтийжелиликке бағдарланған ҳәм нәтийжели басқарыў принциплери тийкарында шөлкемлестириў белгиленген. Бул көзқарас билимлендириў сиясатын ислеп шығыўдан баслап, оның әмелий нәтийжелерин баҳалаўға шекемги болған процесслерди бирден-бир өлшемлер тийкарында шөлкемлестириўди талап етеди.
Ең әҳмийетлиси, басқарыўда жуўапкершиликтиң анық белгилениўи билимлендириўдиң сапасына тиккелей тәсир көрсетеди. Педагогтың кәсиплик потенциалы, билимлендириў бағдарламаларының заманагөйлиги, питкериўшиниң мийнет базарына таярлығы, илимий нәтийжелердиң әмелиятқа енгизилиўи сыяқлы көрсеткишлер система нәтийжелилигиниң тийкарғы нормаларына айланыўы керек.
Кейинги жыллары елимизде билимлендириў инфраструктурасын жаңалаўға үлкен итибар қаратылып атырғанлығын атап өтиў керек. Жаңа бақша ҳәм мектеплер қурылды, бар мәкемелер модернизацияланды. Президентимиздиң муғаллим ҳәм устазлар менен сөйлесиўинде де соңғы он жылда 1 миллион 800 мың орынға ийе бақшалар ҳәм 1,5 миллион орынға ийе мектеплер қурылғаны, 10 мыңнан аслам билимлендириў мәкемеси заманагөй көриниске келтирилгени атап өтилди.
Енди билимлендириў сиясатының дыққат орайы инфраструктурадан билимлендириў нәтийжесине және де қатаңрақ көшпекте. Себеби жақсы шараят әҳмийетли болғаны менен, оның жуўмақлаўшы баҳасы оқыўшының билими, дүньяқарасы ҳәм турмысқа таярлығында көринеди. Усы көзқарастан, мектеплердиң жумысын баҳалаўда сапа көрсеткишлеринен пайдаланыў, билимлендириў нәтийжелери ҳәм педагоглардың потенциалына қарап мәкемелерди баҳалаў, алдынғы тәжирийбени кеңнен ен жайдырыў сыяқлы қатнаслар үлкен әҳмийетке ийе.
Педагогтың кәсиплик раўажланыўы да усы системаның ажыралмас бөлеги. Муғаллимниң өз талабы ҳәм кәсиплик мақсетине сәйкес түрде билим ҳәм көнликпелерин жаңалап барыўы ушын шараят жаратыў билимлендириўдиң сапасын арттырыўдың ең тәсиршең факторларынан бири болып қалады.
Мийнет базарындағы өзгерислер билимлендириўдиң мазмунына да жаңа талаплар қоймақта. Заманагөй технологиялар, санластырыў, жасалма интеллект, инженерлик, жасыл экономика сыяқлы бағдарларда бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаў ушын билимлендириўдиң түрли басқышлары өз-ара үзликсиз ислеўи зәрүр.
Мектепте қәлиплескен математикалық, тәбийғый ҳәм санлы саўатлылық кейинги билимлендириў басқышларында және де тереңлесиўи, кәсиплик ҳәм жоқары билимлендириў болса мийнет базарының талаплары менен үнлес раўажланыўы керек.
Усы көзқарастан, жаңа министрлик алдындағы әҳмийетли ўазыйпалардан бири билимлендириў бағдарламалары арасындағы избе-изликти күшейтиў, қәниге таярлаў системасын экономика талапларына жақынластырыў ҳәм питкериўшиниң реал мийнет базарына таярлығын арттырыўдан ибарат.
Жаңа министрликтиң жумысында билимлендириў менен илимниң бир системада көрилиўи айрықша әҳмийетке ийе. Билимлендириў бар билимлерди өзлестириў ҳәм әўладтан-әўладқа жеткериў менен бир қатарда, жаңа билим жаратыўға алып келиўи керек. Илимий изертлеў нәтийжелери болса экономика, социаллық тараў ҳәм мәмлекетлик басқарыўда әмелий нәтийже бергенде ғана өз қунын толық көрсетеди.
Сонлықтан жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий потенциалын арттырыў, университет, илимий шөлкем ҳәм өндирис арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, илимий қолланбаларды коммерцияластырыў ҳәм инновациялық өнимлер жаратыў мәселелери жаңа системаның әҳмийетли бағдарларынан бири болыўы керек. Бул процессте жоқары билимлендириўди билим, технология ҳәм инновация жарататуғын орай сыпатында раўажландырыў әҳмийетли.
Билимлендириў тараўы миллионлаған инсанлардың турмысы менен байланыслы. Соның ушын жаңа министрликтиң жумысында жәмийетлик есап бериўди күшейтиў талабының белгилениўи әҳмийетли қәдем болып есапланады. Бул, бәринен бурын, билимлендириў тараўында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, қабыл етилип атырған қарарлардың жәмийетшиликке түсиникли ҳәм тийкарланған болыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Билимлендириўдиң сапасы, педагоглардың кәсиплик потенциалы, питкериўшилердиң нәтийжелери, жоқары билимлендириўдеги таярлық дәрежеси, илимий изертлеўлердиң әмелий нәтийжеси сыяқлы көрсеткишлер ашық-айдын түрде баҳаланып барылыўы системаға болған исенимди беккемлейди.
Есабат бериў, соның менен бирге, тек ғана есабат бериў менен шекленип қалмаўы керек. Ол билимлендириўдеги машқалаларды ашық тән алыў, нәтийжели шешимлерди қолланыў ҳәм жәмийет алдында анық нәтийже ушын жуўапкершиликти сезиў мәдениятына айланыўы зәрүр.
Пәрман менен билимлендириў ҳәм илим тараўында басқарыўдың жаңа институционаллық модели қәлиплеспекте. Оның нәтийжеси министрлик структурасының қаншелли ықшамлығы ямаса басқарыў процесслериниң қаншелли тезлиги менен шекленбейди. Тийкарғы нәтийже инсан капиталы сыпатында көринеди.
Бүгин бақшада билим алып атырған бала ертең мектеп оқыўшысы, студент, қәниге, изертлеўши ямаса исбилерменге айланады. Оның ҳәр бир басқышта алған билими кейинги басқыш ушын тийкар ўазыйпасын атқарады. Сол себепли билимлендириў системасындағы ҳәр бир қарарды инсанның узақ мүддетли өмирлик траекториясы менен байланыстырыў зәрүр.
Жаңа министрликтиң шөлкемлестирилиўи билимлендириў, тәрбия ҳәм илимди бирден-бир система сыпатында раўажландырыў ушын әҳмийетли институционаллық тийкар жаратады, деп ойлаймыз. Енди тийкарғы ўазыйпа усы имканияттан нәтийжели пайдаланып, билимлендириўдиң сапасын избе-из арттырыў, илимди экономика ҳәм жәмийеттиң талаплары менен үзликсиз байланыстырыў, инсанның билим ҳәм потенциалын мәмлекет раўажланыўының шешиўши факторына айландырыўдан ибарат.
Президентимиз тәрепинен мәмлекетимиз раўажланыўының тийкарғы бағдарлары сыпатында алға қойылған, инсан қәдирин жоқарылатыўға қаратылған 7 миллий бағдарламаның бириншиси - "Билим ҳәм маманлықты раўажланыўымыздың тийкарғы капиталына айландырыў" идеясы мине усы ўазыйпаның стратегиялық мазмун-мәнисин анық билдиреди.
Билимлендириўге инвестиция - бәринен бурын, инсанға, оның билими, потенциалы ҳәм келешегине киргизилген инвестиция болып есапланады. Мәмлекеттиң ең үлкен байлығы - тәбийғый ресурслар емес, ал билимли, жоқары потенциалға ийе ҳәм заманагөй пикирлейтуғын инсанлар болып есапланады. Инсан капиталы қаншелли күшли болса, жәмийет раўажланыўының тийкары да соншелли беккем болады.
Нодир ЖУМАЕВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Илим, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм жаслар мәселелери комитетиниң баслығы,
экономика илимлериниң докторы, профессор