"Report" хабарына бола, бул ҳаққында “ABC” телерадиокомпаниясы хабар берди.

Шеклеўлер 2027-жылдан күшке киреди ҳәм таярлықтан екинши классқа шекемги оқыўшыларға тийисли болады. Үшинши-алтыншы класс оқыўшылары ушын ярым жыл даўамында ҳәптесине бир күн экрансыз тәжирийбе өткериледи. Ол мәмлекеттеги 10 мектепте өткериледи. Майыплығы болған ҳәм айрықша билимлендириўге мүтәжлиги болған балалар ушын айрықша жағдайлар нәзерде тутылған.

Жаңалықлардың мақсетлеринен бири сыпатында ҳүкимет қолда жазыў көнликпелерин жақсылаўды көрсетип өтти. Үшинши ҳәм төртинши класс оқыўшылары ушын өз алдына қол жазыўға үйретиў бағдарламасы енгизиледи.

Буннан тысқары, мектеплер оқыўшылардың сабаққа өз қурылмаларын алып келиў әмелиятынан басқышпа-басқыш ўаз кешетуғын болды. Оның орнына мектеплер тәрепинен берилген ҳәм штат билимлендириў министрлигиниң қорғаныў системасына жалғанған техникалардан пайдаланылады.