"65 ҳәм оннан үлкен жастағы адамлар бақлаўлар
тарийхында биринши мәрте бес ҳәм оннан киши жастағы балалар санынан сан жағынан
артып кетти", - деп атап өтеди Axios.
Басылымның мағлыўматларына бола, дүнья жүзиндеги 65
ҳәм оннан үлкен жастағы халық саны 2025-жылдағы 852 миллион адамнан 2060-жылға
барып 2 миллиардқа жетеди. Соның менен бирге, дүнья халқының улыўма саны
2060-жылға барып 10,23 миллиард адамға жетиўи күтилмекте.
Демографиялық өзгерислер дүньяның ҳәр қыйлы
мәмлекетлеринде туўылыўдың турақлы азайыўы ҳәм өмир даўамлылығының өсиўи
фонында жүз бермекте.
Алдынырақ Америка исбилерменлик институты
изертлеўшилери 2026-жылы дүнья жүзинде туўылыў коэффициенти биринши мәрте
халықтың әпиўайы көбейиўи ушын зәрүр болған дәрежеден төменлеген болыўы мүмкин
екенин айтқан еди. Изертлеўде 1950-жылдан баслап 236 мәмлекет ҳәм аймақ бойынша
мағлыўматлар талланды. Туўылыўдың узақ мүддетли азайыўы 219 мәмлекетте
анықланған болып, бул тенденцияның турақлы өзгериў белгилери елеге шекем
бақланбай атыр.
Изертлеўшилердиң баҳалаўынша, ҳәзирги демографиялық
динамика сақланып қалса, демографиялық инерция есабынан жер жүзи халқы және 30
жылға жақын өседи, соң 2056 жылға шамалас 9 млрд адамлық ең жоқары көрсеткишке
жетеди ҳәм қысқара баслайды.
Соның менен бирге, БМШтың тийкарғы болжаўына бола, дүнья
халқының саны 2084жылы шама менен 10,3 миллиард адамға жетиўи күтилмекте.