Өзбекстан – Лаос қатнасықларын жаңа басқышқа алып шығыў мәселелери додаланды.

Өз-ара саўда көлемин арттырыў, исбилерменлик байланысларын раўажландырыў, транспорт, логистика, фармацевтика, медицина, туризм ҳәм басқа да тараўларда биргеликтеги жойбарларды алға қойыў тийкарғы бағдарлар сыпатында атап өтилди.

Саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң ҳуқықый тийкарларын кеңейтиў және билимлендириў ҳәм мәденият тараўларындағы алмасыўларды жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жетекшилер регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысты.