Мәмлекетимиздиң усы абырайлы спорт шөлкеми менен нәтийжели бирге ислесиўин және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Девид Лаппартьян Өзбекстанның велоспорт ҳәм паравелоспорт тараўында ерисип атырған жетискенликлери, сондай-ақ, мәмлекетимизде заманагөй спорт инфраструктурасын раўажландырыў, жасларды усы спорт түри менен шуғылланыўға кеңнен тартыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларды айрықша атап өтти.

Спортшыларды таярлаў ҳәм тренерлер қәнигелигин арттырыў бойынша биргеликтеги бағдарламаларды алға қойыў, Ташкент қаласында Жәҳән велоспорт орайының регионаллық филиалын шөлкемлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Биргеликтеги "жол картасы" тийкарында келешекте Өзбекстанда велоспорт бойынша ири халықаралық спорт илажлары ҳәм бириншиликлерди өткериў режелери додаланды.

Ушырасыў соңында спорт шөлкеминиң басшысы велоспортты раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға қосқан үлкен үлеси ушын Өзбекстан Республикасы Президентине Азия велоспорт конфедерациясының жоқары ҳүрметли сыйлығы – "Президент сыйлығы" тапсырылғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.