Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Сөйлесиўде Өзбекстан - Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды. Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди, соның ишинде, санаат, аўыл хожалығы, қурылыс, мәлимлеме технологиялары, туризм, транспорт ҳәм энергетика тараўларындағы байланысларды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Кейинги жылларда еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыўында унамлы пәт бақланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда көлеми ҳәм қоспа кәрханалар саны избе-из артып бармақта.
Бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша жоқары дәрежедеги кеңес шөлкемлестирилгени, оның бүгин Ташкентте болып өткен биринши мәжилиси шеңберинде инвестициялық жойбарлар ҳәм саўда бойынша жаңа әҳмийетли келисимлерге ерисилгени айрықша атап өтилди. 200 ден аслам жетекши компаниялар ҳәм исбилермен топарлардың ўәкиллери қатнасыўында өткен бизнес-форум жуўмақларына жоқары баҳа берилди.
Ушырасыўда ерисилген келисимлерди толық әмелге асырыў ҳәм болажақ әҳмийетли илажларға пуқта таярлық көриў мәселелери бойынша да ҳәр тәреплеме пикир алысылды.