Ушырасыўда компания басшысы Жаңа Өзбекстанда Түркия компаниялары ушын жаратылып атырған қолайлы шараятлар ҳәм кең көлемли жеңилликлер себепли олардың саны жылдан-жылға көбейип атырғанын атап өтти.

Жеке гигиена қураллары ҳәм косметика өнимлерин ислеп шығарыўда бай тәжирийбени есапқа алып, «Evyap Holding» өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм перспективалы жойбарларды биргеликте әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.

Ушырасыўда «OSTIM Global» Өзбекстан-Түркия санаат зонасында иске қосылып атырған жаңа жойбарды әмелге асырыўды жеделлестириўге келисип алынды. Өндирис ушын зәрүр шийки затты локализациялаў имканиятлары да сын көзқарастан көрип шығылды.