Кейинги жылларда елимизге келип атырған сырт елли туристлердиң саны турақлы артып бармақта. 2025-жылы 2016-жылға салыстырғанда бул көрсеткиш дерлик 6 есеге, туризм хызметлериниң экспорты болса 11 есеге артқан. Соның менен бирге, мәмлекетимизде ири халықаралық илажларды өткериў ушын заманагөй инфраструктураға талап артып бармақта.

Бухарада қурылып атырған комплекс бундай дәрежедеги илажларды өткериў имканиятын және де кеңейтеди. Конгресс-холл форумлар, жоқары дәрежедеги ушырасыўлар ҳәм басқа да ири халықаралық конференцияларды шөлкемлестириў ушын майдан болады.

60 миллион долларлық жойбар шеңберинде улыўма майданы 14,5 мың квадрат метр болған имарат қурылмақта. Ҳәзирги ўақытта тийкарғы бетонлаў жумыслары жуўмақланған. Сыртқы инженерлик коммуникацияларын тартыў, фасад ҳәм төбени қурыў жумыслары даўам еттирилмекте.

Усы аймақта 37 миллион долларлық «Hilton Garden Inn» мийманханасы қурылмақта. Мийманхананың жети қабаты 212 ханаға мөлшерленген болып, жер асты автомобиль турыў орны да бар. Ҳәзирги ўақытта имараттың тийкарғы конструкциялары қурылып, ишки дийўаллар қурыў, инженерлик коммуникацияларын тартыў ҳәм фасад бөлимин пардозлаў жумыслары алып барылмақта.

Және бир жойбар – 39,6 миллион долларлық «Holiday Inn» мийманханасы. Ол да жети қабатлы болып, 212 ханаға мөлшерленген. Оның жанында еки қабатлы бизнес орайы қурылмақта. Мийманхананың төбесин монтажлаў ҳәм ишки дийўалларын қурыў жумыслары даўам етпекте, бизнес орайының жер асты бөлегинде бетонлаў жумыслары жуўмақланбақта.

Мәмлекетимиз басшысы объектлердеги жумыслардың барысы менен танысып, бул жойбарлар Бухарада халықаралық илажларды жоқары дәрежеде өткериў, туристлик хызметлердиң көлемин кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Бул, өз гезегинде, халықтың дәраматларының артыўына ҳәм аймақ экономикасының және де раўажланыўына хызмет етеди. Қурылыс жумысларын сапа талапларына қатаң әмел еткен ҳалда, өз ўақтында жуўмақлаў бойынша тапсырма берилди.