- Аўа, мен үлкен спортқа қайтып киятырман. Узақ тәнепистен кейин командамыздың оқыў-шынығыў жыйынларына бирден қосылыў қыйын. Соның ушын ҳәзир өз алдына шынығып атырман. Қайси стартта қатнасаман? Ҳәзирше анық айта алмайман. Егер спорт формамды тиклеп алсам, Азия ойынларында қатнасыўым мүмкин. Егер үлгермесем, кейинги беллесиўлердиң биринде қатнасыўды режелестиргенмен", - деди Диёра Келдиёрова.

Еслетип өтемиз, Париж Олимпиадасынан кейин спортшы ана болды ҳәм дерлик еки жыллық тәнепистен кейин спортқа қайтпақта.