Өзбекстан дзюдо федерациясының баслығы Азизжон Камилов ҳәм Лаша Гуджеджиани өз-ара келисим шәртнамасына қол қойды.
Швейцарияда өткерилген “Lausanne Grand Slam 2026” турнири Гуджеджиани ушын Өзбекстан сайланды командасы басқарыўындағы дәслепки жарыс болды. Онда сайланды командамыз бир алтын, еки гүмис ҳәм еки қола медалын қолға киргизип, 77 мәмлекет арасында күшли алтылықтан орын алды.
Сондай-ақ, Японияда өткерилген XX Азия ойынларында Өзбекстан сайланды командасы еки алтын, еки гүмис ҳәм үш қола медалы менен улыўма командалық есапта Япониядан кейин екинши орынды ийеледи.
Мағлыўмат ушын, Лаша Гуджеджиани Өзбекстанға келгенге шекем бес жыл даўамында Грузия сайланды командасы бас тренери болып ислеген. Оның қол астында Грузия сайланды командасы Токио-2020 Олимпиада ойынларында бир алтын ҳәм үш гүмис, Париж-2024 Олимпиада ойынларында болса бир алтын ҳәм еки гүмис медалын қолға киргизген.
2025-жылы Грузия сайланды командасы оның басшылығында жәҳән чемпионатының командалық беллесиўлеринде жеңимпаз болып, тарийхый нәтийже көрсеткен. Лаша Гуджеджианидиң өзи де спортшы болған дәўиринде еки мәрте жәҳән чемпионы болған.
Өзбекстан дзюдо федерациясы жаңа бас тренерге табыслар тилеп, оның басшылығында сайланды команда алдағы абырайлы жарысларда, соның ишинде, Лос-Анджелес-2028-Олимпиада ойынларында жоқары нәтийжелерге ерисиўине үмит билдирген.