Инфляция дәрежесин есапқа алған ҳалда халықтың улыўма дәраматларының реал
өсиў пәтлери 2025-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 109,2 процентти қураған.
Есап бериў дәўиринде халықтың жан басына жалпы дәрамат 16,1 млн. сумды
қурады. Бул көрсеткиштиң номинал өсиўи 114,5 процентти, реал өсиў пәтлери болса
инфляцияны есапқа алған ҳалда 107,3 процентти қураған.
Солай етип, инфляция факторларының тәсирине қарамастан, 2026-жылдың
биринши ярымында мәмлекетте халықтың жәми дәраматлары да, бир адамға туўра
келетуғын дәраматлардың да өсиўи бақланды.