Әлбетте, дүнья халқы жасаў ҳәм ислеў даўамында жер, суў, ҳаўа, жер астындағы түрли қазылмаларды пайдаланбаўы мүмкин емес, бирақ тийкарғы машқала оннан қалай пайдаланыўда. Бүгин көпшилигимиз тәбият гөззаллығынан заўықланамыз, өмир бағышлайтуғын мәканларда дем аламыз, бирақ әмелий жақтан оған көбирек тутыныўшы сыпатында қатнас жасаймыз. Тилекке қарсы, мине усы процессте көбинесе тәбиятқа аяўсыз мүнәсибетте боламыз.
Кейинги ўақытларда инсанның қоршаған орталыққа тәсири глобал ҳәм жедел түрге енген. Бунда антропоген факторлар – инсан искерлиги менен жүзеге келип атырған унамсыз өзгерислер жетекши себепке айланған. Бул тек ғана қоршаған орталыққа емес, ал климат өзгериўин де күшейтпекте.
Экологиялық қәўиплерге шегаралар жат
Соның ишинде, адамлар жасаў, ислеў, және де қолайлы шараятта дем алыў ушын ҳәдден тысқары көмир, нефть ҳәм газден пайдаланады. Олардың жаныўынан ажыралып шығып атырған карбонат ангидрид газиниң салмағы да тынымсыз артып бармақта. БМШ мағлыўматларына бола, жоқарыда санап өтилген үш түрли жанылғы үлеси атмосферага тарқалып атырған барлық ыссыхана газиниң 75 процентин ҳәм карбонат ангидрид газиниң 90 процентин қурайды.
Бул темада сөз болғанда ең көп қолланылатуғын "ыссыхана гази" деген не? Ол қалай пайда болады ҳәм экологияга қандай зыян келтиреди?
Илимий дереклерде атап өтилиўинше, оған суў пуўы, карбонат ангидрид, метан, азот оксиди, фторлы газлер киреди. Олар қуяштан келип атырған нурларды өзинен еркин өткереди, бирақ жер бетинен шағылысып атырған жыллылық (инфрақызыл) нурлары космосқа шығып кетиўине жол қоймай, атмосферада услап турады. Бул тап айналы имарат ишинде жыллылық топланыўына усайды.
Әлбетте, олар тийисли муғдарда болса, жасаў ушын қолайлы температураға зыян тиймейди. Тилекке қарсы, соңғы жүз жыллықта инсан искерлиги себепли олардың саны ҳәдден тысқары артып кетти. Климат өзгериўи, глобал ысыў сыяқлы унамсыз ақыбетлердиң келип шығыўында олардың үлеси үлкен. Қосымша түрде, дүнья бойынша бундай газлерди жутып, орнына кислород шығаратуғын миллионлаған гектардағы тоғайлар кесилип атырғанына не дейсиз?
Ыссыхана газлери қуяш жыллылығын жер бетинде узақ ўақыт услап қалады ҳәм бул тәбийий теңсалмақлылықтың кескин бузылыўына себеп болады. Сол себепли атмосфераның төменги қатламларында температура нормадан көтерилип бармақта. Буны илимий мағлыўматларсыз да адамлар жыл сайын күшли сезинип атыр.
Ҳәзирги ўақытта илимпазлар космостағы, атап айтқанда, қуяш активлигиндеги ҳәр қыйлы өзгерислер де климатқа тәсир көрсететуғынын өз изертлеўлеринде баянламақта. Оның үстине, соңғы жыллары дүнья көлеминде тез-тезден жүз берип атырған қурғақшылық, күшли нөсерлер, суў тасқынлары ҳәм тоғай өртлери де инсанның тәбиятқа көрсетип атырған үнлес емес қатнасынан келип шықпақта. Мәңги музлықлардың ериўи күшейгени ҳәм дүнья океанларының қәдди көтерилип атырғаны усы процесслердиң ақыбети.
Жәҳән ғалаба хабар қуралларында усы темаға байланыслы көплеген илимий изертлеўлер, жуўмақлар ҳәм келешекте жүз бериўи мүмкин болған процесслер ҳаққында хабарлар берип барылмақта. Гәп улыўма үйимиз – Жер планетасы ҳәм оның тәбиятына тийисли екен, қандайда бир жаңа мағлыўматты оқығанда "Жүдә узақта екен, бизге тийисли емес" деген мәнисте жуўмақ шығарыў орынлы болмайды. Соның ишинде, "Сибирде "уйқылап атырған үлкен қәўип" оянбақта: метан ажыралып шығыўы еки есеге артты" атамасындағы мақалада климат ысыўының ақыбетлери бойынша тийисли мағлыўматлар айтылған. Онда жазылыўынша, Арктика климатының кескин ысыўы Сибир регионында бир-биринен парықланыўшы еки қәўипли процессти жүзеге келтирди. “Live Science” басылымының хабар бериўинше, бул өзгерислер топырақ астында әсирлер даўамында музлап жатқан органикалық затларды еритип жибермекте.
Батыс Сибирде ҳаўа температурасының көтерилиўи ҳәм жаўын-шашынның көбейиўи батпақларды кеңейтти. Бул болса ол жердеги микроблар тәрепинен көп муғдарда метан гази ислеп шигарылыўына себеп болды.
Шығыс Сибирде болса, керисинше, жүдә ыссы ҳәм қурғақ ҳаўа бақланбақта. Бул жағдай ири тоғай өртлерине себеп болды ҳәм музлаған жерлердиң және де тезирек ериўине жол ашты.
Илимпазлардың атап өтиўинше, Сибир топырағы астында планетамыздағы жәми ыссыхана газлериниң ярымына шамаласы сақланады. Егер глобал ысыў усы тәризде даўам еце, бул "уйқылап атырған қәўип" пүткиллей оянып, дүнья климаты ушын қәўипли ҳәм артқа қайтпайтуғын ақыбетлерди жүзеге келтириўи мүмкин.
Соңғы жүз жылдан аслам ўақыт даўамында дүнья бойынша қанша көл ҳәм дәрьялар пүткиллей қурып қалды. Усы аралықта планетамызда ишки душшы суў бассейнлериниң 60 проценти климаттың өзгериўи ҳәм олардан аяўсыз, нәтийжесиз пайдаланыў себепли ўақты-ўақты менен қурып қалмақта ямаса пүткиллей ағыўдан тоқтамақта.
Узаққа бармайық, жақын өтмиште дүньядағы ең ири көллердиң төртиншиси сыпатында тән алынған Аралды мысал сыпатында атап өтейик. Дүньяда қурып баратырған бундай суў бассейнлери аз емес. Изертлеўлердиң жуўмақларына бола, дүньяда онлаған теңиз ҳәм көллер усындай қәўип астында. Усы мәнисте тәбиятты бойсындырыў емес, оған қатнасты пүткиллей, түп-тийкарынан өзгертиў зәрүр.
Дүнья мәмлекетлери бул бағдарда жеке ҳалда емес, биргеликте, аўызбиршиликте ҳәм жаңа технологиялардан үнемли пайдаланған ҳалда бундай қәўипли машқаланың алдын алыў ушын гүреске кирискен.
Атап айтқанда, Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң 2026-жыл май айында Қазақстанның Түркстан қаласында болып өткен рәсмий емес саммитинде бул мәселе көрип шығылды. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2027-жылды түркий дүньяда "Тәбиятты қорғаў жылы" деп жәриялаў басламасы алға қойылды. Бул глобал ҳәм регионаллық климат өзгериўи дәўиринде экологиялық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўда үлкен әҳмийетке ийе. Бул баслама тек ғана "Тәбиятты сақлаймыз" мазмунындағы улыўма мақсетти аңлатпайды, бул бағдарда анық усыныс ҳәм режелер көрсетип өтилди.
Соның ишинде, түркий дүнья көлеминде климат өзгериўи ҳәм экологиялық машқалаларға қарсы муўапықластырылған бирге ислесиў ҳәрекетлерин әмелге асырыў, регионда қоршаған орталық ҳәм биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаўға қаратылған жойбарларды күшейтиў бул басламаның тийкарғы бағдарлары қатарында атап өтилген. Онда заманагөй технологияларды енгизиў, атап айтқанда, климат ҳәм тәбиятты мониторинг етиўде жасалма жолдас мағлыўматлары ҳәм санлы шешимлерден кеңнен пайдаланыў мөлшерленген.
Президентимиз саммиттеги шығып сөйлеген сөзинде былай деп атап өткен еди: "Бундай машқалаларға нәтийжели шешим табыў ушын жасалма жолдас мағлыўматлары тийкарында Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң климат қәўиплерин мониторинг етиў системасын жаратыў әҳмийетли. Онда қурғақшылықты ерте анықлаў, топырақтың жемирилиўи ҳәм музлықлардың ериўи менен байланыслы жағдайды турақлы бақлап барыў, трансшегаралық суў ресурсларын басқарыў тараўына жасалма интеллектти енгизиўге итибар қаратыў зәрүр".
Ҳақыйқатында да, инсан ҳәм тәбият бир қатар қарама-қарсылықлы қатнаслар менен байланысқан. Сол себепли, техникалық раўажланыў экологиялық кризис пенен үнлес болмаўы мүмкин емес. Яғный техника әсиринде жаратылып атырған ҳәр қандай ең заманагөй технология, бәринен бурын, инсанияттың улыўма үйи болған планетамыз, тәбиятты қәстерлеп сақлаўға хызмет етиўи, оған зыян жеткермеўге итибар қаратылмақта.
Бул бийкарға емес, әлбетте. Соның ушын, түркий мәмлекетлердиң үлкен бөлеги жайласқан Орайлық Азияда ҳаўа температурасы дүнья бойынша орташа көрсеткишке салыстырғанда еки есе тез артпақта. Кейинги алпыс жыл ишинде болса музлықлар майданы дерлик 30 процент қысқарған. Соның менен бирге, музлықлар регион суў ресурсларының дерлик 90 процентиниң қәлиплесиўинде әҳмийетли орын ийелейди. Олар аўыл хожалығы, энергетика ҳәм миллионлаған инсанлардың өмири байланысқан Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяны суў менен тәмийинлейди.
Халықтың саны ҳәм экономиканың өсиўи ресурсларға талапты арттырмақта. Болжаўларға бола, 2050-жылға барып Орайлық Азия халқы 100 миллион адамға жетеди. Суў, азық-аўқат ҳәм энергияға талап артып барады, климат өзгериўи болса усы ресурслар менен тәмийинлениў дәрежесин алдыннан баҳалаўды барған сайын қыйынластырмақта.
Мәдений дәреже, ақыл-ойымыздың өлшеми
Бул машқалаларды шешиў жоллары ҳаққында сөз болар екен, регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетин айрықша атап өтиў орынлы. БМШ климат тараўындағы улыўма мақсетлерди белгилеп береди, бирақ оларға ерисиў ҳәр бир регионның өзине тән өзгешеликлерин есапқа алыўды талап етеди. Неге дегенде, бир неше мәмлекет аймағын қамтып алған дәрья бассейнлери ҳәм музлықлар системаларын муўапықластырылған ҳәрекетлерсиз сақлап қалыў мүмкин емес.
Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының директоры Элдор Ариповтың атап өтиўинше, глобал қарым-қатнас қыйынласқан шараятта регионаллық бирге ислесиў форматлары айрықша әҳмийетке ийе. Олар әмелий бирге ислесиўди даўам еттириў ҳәм улыўма ўазыйпаларды шешиў имканиятын береди. Соның ушын тәбийғый ресурсларды сақлаў ҳәм климат өзгериўине бейимлесиўге қаратылған биргеликтеги жойбарларды қаржыландырыў механизмлерин раўажландырыў зәрүр. Бундай көзқарас улыўма дәрья бассейниниң жағдайына байланыслы болған барлық мәмлекетлердиң мәплерин есапқа алыў имканиятын береди.
Мәмлекетимиз басшысы елимиз ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы қарсаңында жаңа Өзбекстанды қурыў ҳәм келеси он жыллықта инсан қәдирин арттырыўға қаратылған стратегиялық реформалар режесин жәриялады. Онда атап өтилген жәми жети миллий бағдарламаның төртиншиси суў ҳәм тәбиятқа мүнәсибетти түп-тийкарынан өзгертиў болып табылады.
Келеси бес жылда аўыл хожалығы егислик майданларында суўды үнемлейтуғын технологиялардың қамтып алыныўын жүз процентке жеткериў улыўма миллий мақсет етип белгиленди. "Жасыл мәкан" ҳәрекетин болса жаңа сапа басқышына алып шығыў талап етилмекте. Мектеп, бақша, емлеўхана ҳәм көп қабатлы турақ жайлар әтирапындағы жасыл аймақларды жәмийеттиң қол қатылмас байлығы сыпатында қорғаў бағдарламаның тийкарғы бағдарларынан бири. Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей: "Тәбиятқа мүнәсибет – халықтың мәденияты, мәмлекеттиң жуўапкершилиги ҳәм раўажланыўдың сапа көрсеткиши болып есапланады".
Аўа, елимизде ана тәбиятқа мүнәсибет түп-тийкарынан өзгермекте. Бул тек ғана хожалық ямаса экономикалық мәселе емес, ал мәмлекеттиң раўажланыў жолын, халқымыздың ой-пикирин, тәбиятқа, суўға қатнасымызды сәўлелендиретуғын айна да болып есапланады.
Рустам БОЙТЎРА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы