Оның сөзлерине бола, 2026-жылғы жәҳән чемпионаты жуўмақланғаннан соң,
ФИФА бул мәселени үйрениўге кириседи. Турнир жуўмақлаўшы ойыны 19-июль күни
болып өтеди.
"Жәҳән чемпионатын өткериўде тек ғана Европа ҳәм Қубла Америка емес,
пүткил дүньяның мәплерин есапқа алыў керек. Барлық мәмлекетлерге футбол бойынша
дүняның тийкарғы турниринде қатнасыў әрманын әмелге асырыў имканиятын бериў
керек", - деп атап өткен Инфантино.
ФИФА басшысы жәҳән чемпионатында қатнасыў киши мәмлекетлерде футболды
раўажландырыў ушын әҳмийетли түртки болатуғынын атап өтти. Оның пикиринше,
миллий сайланды командалар жәҳән дәрежесинде қатнасыў имканиятына ийе болмаса,
бул келешекте раўажланыў ушын мотивацияны төменлетеди.
2026-жылдан
баслап жәҳән чемпионатында қатнасыўшы командалар саны 32 ден 48 ге көбейди.
Инфантино бул қарарды табыслы деп атады ҳәм барлық сайланды командалар жоқары
дәрежеде қатнасқанын атап өтти.
"Турнирди 48
командаға шекем кеңейтиў үлкен табыс болды. Барлық континентлердиң сайланды
командалары гол урып, кеминде бир очко топлады", - деди ол.
Квоталардың
көбейиўи себепли 2026-жылғы жәҳән чемпионатында дәслепки мәрте Кабо-Верде,
Кюрасао, Иордания ҳәм Өзбекстан сайланды командалары қатнасты.