Компания ўәкиллери төрт қала қурылысы жойбары ҳаққында айтып берди: Бухарада екеўден, Ташкент қаласының Учтепа ҳәм Самарқанд районларында биреўден. Олардың улыўма майданы 285 гектар болып, инвестиция көлеми 4,5 миллиард долларды қурайды. Жойбарлар 115 мың халыққа мөлшерленген.
Бухара районында 65 гектар, Бухара қаласында 25 гектар майданда жаңа массивлердиң қурылысы басланды. Бул жерде 30 мың халыққа мөлшерленген көп қабатлы турақ жайлар, мийманханалар, бизнес орайлар, саўда объектлери, хызмет көрсетиў ҳәм дем алыў кәрханалары бар.
Жойбар Учтепа районында заманагөй қала орталығын жаратыўға, Самарқандта болса әмелдеги туризм комплекси әтирапында инфраструктураны раўажландырыўға қаратылған. Вьетнамлы инвестор Жиззақ ўәлаятының Зомин районында санаат зонасын шөлкемлестириў усынысын да билдирди.
Президентимиз усынылған концепцияларды мақуллап, алдынғы қала қурылысы шешимлерин қолланыў зәрүрлигин атап өтти. Жуўапкерлерге компания менен биргеликте зәрүр инфраструктура ҳәм жойбарларды әмелге асырыў механизмлерин пуқта ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.