Чай ишиў ўақтында кептирилген мийўелер менен аўқатланыў жақсы. Оларды жолға, оқыўға ямаса жумысқа алып кетиў қолайлы. Бирақ, өзиниң аўқатланыўына итибар қарататуғын адамлар оның жаңа мийўе ҳәм жемислерден бир неше есе калориялы екенин умытпаўы керек.
Қурғатыў процесинде мийўелерден ығаллық шығып кетеди, оның қурамында калория жоқ. Ақыбетинде олар массасы ҳәм көлеми кескин азайып, азықлық затларды сақлап қалады, деп жазады “naked-science.ru”
Буннан тысқары, айырым ислеп шығарыўшылар қурғақ мийўелерге қумшекер қосады, әсиресе, бул клюква, черника, черешня, манго ҳәм ананас пенен көп ушырасады. Бул мағлыўматларды сатып алыў ўақтында этикеткадан тексерип алыў мақсетке муўапық.
Енди қурғатылғаннан кейин белгили мийўелердиң калориялық муғдары қалай өзгериўин көрип шығамыз. Мысалы, бир кесе ананас (165 грамм) қурамында 99 килокалория бар. Бир кесе қурғатылған ананаста (160 грамм) бул көрсеткиш 555 килокалорияға шекем көтериледи. Айырма 5,6 есеге тең.
Шийе менен де тап усындай жағдай жүз береди — 533 килокалорияга қарсы 107. Энергетикалық баҳасы 5 есеге артады. Кептирилген манго әдеттегиге қарағанда 5,2 есе калориялы — 99 ҳәм 510 килокалория.
Черниканың калориялылығы шама менен 5,3 есе — 96 килокалориядан 507 килокалорияга шекем артады. Клюква және де күшлирек тәсирлендиреди — 493 килокалорияга қарсы 46. 10 мәртеден артық!
Жүзим ҳәм кишмиш арасындағы айырмашылық тек ғана 3,8 есе — 125 ҳәм 478 килокалорияны қурайды. Өрикке салыстырғанда қурғақ дәниниң калориясы шама менен 5,2 есеге (74 ҳәм 386 килокалория) жоқары. Қәрели (71 килокалория) ҳәм қәрелиде де (384 килокалория) усындай көрсеткишлер бар. Парық 5,4 есеге жетеди.
Алма менен қызық жағдай жүз берди. Бир кесе жаңа алманың калориялылығы 76 килокалория, кептирилгени болса 219 килокалория. Парқ онша үлкен емес — тек ғана 2,9 есе. Бирақ, массасына итибар бериў керек — 125 ҳәм 90 грамм. Қалған мийўелердиң көпшилигинде болса көрсеткишлер 150-160 грамм әтирапында өзгерип турған.
Инфографика жаратыўда авторлар АҚШ аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен жаратылған диеталық изертлеўлер ушын өнимлер ҳәм азықлық затлар мағлыўматлар базасы мағлыўматларынан пайдаланған.