Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы стратегиялық шерикликти буннан
былай да беккемлеў мәселелери додаланды.
Еки тәреплеме қатнасықлар барлық тийкарғы бағдарларда избе-из раўажланып,
бирге ислесиўдиң жаңа имканиятлары ушын беккем тийкар жаратып атырғаны атап
өтилди.
Сондай-ақ, болажақ илажларға пуқта таярлық көриў, регионаллық ҳәм
халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды, деп хабар
бермекте Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң баспасөз хызмети.