Бүгин ҳәм ертең Өзбекстан аймағының үлкен бөлиминде қурғақ ҳәм жыллы ҳаўа-райы сақланып турады. Ҳаўаның температурасы күндиз тийкарынан 20-23 градус жыллы болады.
4-ноябрьде Бухара, Наўайы, Сурхандәрья ўәлаятларында айырым жерлерде ҳәм кешке таман республиканың қалған аймақларында жаўын жаўады. Арқа ҳәм шығыс аймақларда жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы болыўы күтиледи.
5-ноябрьде республиканың орайлық ҳәм шығыс аймақларында тек ғана түнде ҳәм азанда айырым жерлерде жаўын жаўыўы сақланып турады.
6-ноябрьде жаўын-шашын болыўы күтилмейди, тек ғана Қарақалпақстан Республикасының арқа аймақларында жаўын жаўыўы мүмкин.
Бул күнлерде ҳаўаның температурасы түнде 7-12 градус жыллы әтирапында, күндиз 4-5-ноябрьде 18-23 градус жыллы, 6-ноябрьде 23-25 градус жыллы, қубла районларда болса 27 градус жыллыға шекем болады.
Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи.
Өзбекстанның таўлы аймақларында айырым жерлерде жаўын жаўады, бийик таўларда қарға айланыўы мүмкин.
Ташкентте: жаўын-шашын күтилмейди, тек 4-ноябрьде кеште ҳәм 5-ноябрьде түнде ҳәм азанда бираз жаўын жаўыўы мүмкин.
Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.
Ҳаўаның температурасы түнде 8-10 градус жыллы, күндиз 20-22 градус жыллы әтирапында болады.