Режеге бола, 16 жасқа толған ҳәм 30 жастан аспаған техникум оқыўшылары, жаслар, студентлер ҳәм бәнт болмаған халық арасында Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын "Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери" кәсиплик шеберлик миллий таңлаўы өткериледи.

Режеге бола, Кәсиплик билимлендириў агентлиги тәрепинен ҳәр жылы 1-мартқа шекем (сол күни де) электрон платформа арқалы таңлаўда қатнасыў ушын талабанлар дизимнен өткериледи.

Таңлаўда:

1-басқышта - жаслар, студентлер ҳәм бәнт болмаған халық арасынан ҳәрбир кәсип кесиминде мәҳәллелерден 3 еўден талабан;

2-басқышта - техникум оқыўшылары ҳәм таңлаўдың 1-басқышында ең жоқары нәтийже көрсеткен ҳәр бир кәсип кесиминде 1-3-орын ийелери;

3-басқышта - таӊлаўдыӊ 2-басқышында еӊ жоқары нәтийже көрсеткен ҳәр бир кәсип кесиминде 1-5-орын ийелери қатнасады.

Таңлаў тийисли кәсип бойынша материаллық-техникалық базасы бар болған техникумларда, жумыс бериўши кәрхана (шөлкем) лерде ҳәм IТ-парклерде және бейимлестирилген арнаўлы полигонларда өткериледи.

Таңлаўдың 3-басқышы жеңимпазлары ҳәм оларға бириктирилген әмелият устазлары БЕМниң төмендеги муғдарларында бир мәртелик ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады:

1-орын (алтын медаль) ийесине - 20, әмелият устазына - 100 есе;

2-орын (гүмис медаль) ийесине - 15, әмелият устазына - 80 есе;

3-орын (бронза медаль) ийесине - 10, әмелият устазына - 60 есе.

Таңлаўдың 3-басқышы жеңимпазларына “WorldSkills International” шөлкеминиң “WorldSkills” халықаралық чемпионатында қатнасыў ҳуқықы бериледи.