Өткерилген көшпели қабыллаўларда Қарақалпақстан Республикасының 17 район ҳәм қаласынан келген 200 ден аслам пуқара ҳәм исбилерменлердиң жер ҳәм кадастр тараўына байланыслы мүрәжатлары тыңланды.
Атап айтқанда, 15-октябрь күни 12 район ҳәм 1 қала турғынларынан 136 мүрәжат келип түскен болса, 16-октябрь күни Беруний районында даўам еткен қабыллаўда Беруний, Елликқала, Төрткүл ҳәм Әмиўдәрья районларынан келген пуқаралар тәрепинен 72 мүрәжат билдирилди.
Көшпели қабыллаўлар даўамында пуқаралар ҳәм исбилерменлер тәрепинен көтерилген жер участкаларына болған ҳуқықлар, көшпес мүлк объектлерине байланыслы кадастр ҳүжжетлери ҳәм тараўға байланыслы басқа да мәселелер бойынша мүрәжатлар ҳәр тәреплеме үйренилди.
Мүрәжатлардың ўәкиллик шеңберинде шешилиўи мүмкин болғанлары бойынша тийисли ҳуқықый түсиниклер берилип, қосымша үйрениўди талап ететуғын мәселелер қадағалаўға алынды. Олардың нызамшылықта белгиленген тәртипте шешилиўин тәмийинлеў бойынша жуўапкер хызметкерлерге анық ўазыйпалар жүкленди.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
«Янги Ўзбекистон» хабаршысы.