Reuters агентлигиниң хабар бериўинше, қайтыс
болғанлар арасында еки ҳәм төрт жасар еки бала да бар. Олар жабық автомобильдиң
ишинде есинен танып қалған. Ыссылық ақыбетинде 80 ден 95 жасқа шекемги үш адам
қайтыс болған. Және 13 адам қәўипсиз болмаған жерлерде шомылыў ўақтында суўға шөгип
кетти.
Бордо аймағында температура 41,9°С ға шекем көтерилип, өткен жылы август
айында дизимге алынған рекордты жаңалады. Пуатье қаласында болса температура
41,2°С ты қурап, 1947-жылы орнатылған алдынғы ең жоқары көрсеткиштен артып
кетти.
Европаның басқа
мәмлекетлеринде де жаңа температура рекордлары орнатылды. Испанияның Сан-Себастьян
қаласында температура 40°С қа жетти, бул - Reuters Climate Monitor мағлыўматына
бола, қаланың 22-июньдеги орташа тарийхый көрсеткишинен еки мәртеден зыят. Уллы
Британия метеорологиялық хызмети (Met Office) мәмлекеттиң айырым аймақларында
ҳәптениң ақырына шекем ҳаўа температурасы 39°С тан жоқары болыўы мүмкинлигин
мәлим етти, бул 1957 ҳәм 1976-жыллардағы 35,6°С рекордын жаңалады, деп хабар
бермекте kommersant.ru.