Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер автомобиль санааты тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў перспективаларын ҳәм қоспа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелерин додалады.

2026-жыл май айында "Жаңа әўлад" арнаўлы санаат зонасында "JAC Motors" заводының иске қосылғаны Өзбекстанның заманагөй автомобиль қурылысын раўажландырыў ҳәм Өзбекстан менен Қытай арасында санаат кооперациясын кеңейтиўде әҳмийетли басқыш болғаны атап өтилди.

Жойбарды әмелге асырыўдың кейинги басқышына айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, кәрхананы 2027-жылдың өзинде ири узелли қурылыстан (SKD) толық циклде ислеп шығарыўға (CKD) жедел өткериў режелери додаланды.

Буннан тысқары, тәреплер өндиристи буннан былай да локализациялаў, кәрхананың экспорт потенциалын арттырыў ҳәм өндирис процесине заманагөй технологияларды енгизиў илажларын көрип шықты. Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм белгиленген режелерди әмелге асырыўға таярлық тастыйықланды.