Июль айы республикада ең ыссы ай болып есапланады. Бул дәўирде ҳаўаның
орташа максимал температурасы 35-37 дәреже, қубла ҳәм шөл аймақларында болса
38-40 дәрежеге шекем жетеди. Дерлик ҳәр жылы елимизде 40-42 дәрежеге шекем,
айырым жерлерде 43-45 дәрежеге шекем ыссы күнлер бақланады.
Кейинги жылларда Өзбекстанда экстремал ыссы күнлер санының турақлы артып
барыўы бақланбақта. Соңғы он жыллықтың барлық июль айлары климатлық нормадан
жыллырақ болды, олардың тоғызы болса пүткил метеорологиялық бақлаўлар
дәўириндеги ең ыссы он айлық қатарына кирди.
Синоптиклердиң
болжаўларына бола, июль айының биринши он күнлигиниң ақырына шекем ҳаўаның
температурасы күндиз 37-40 градусқа шекем, қубла аймақларда 41-43 градусқа
шекем көтериледи. Айдың қалған бөлегинде температура 33-38 ҳәм 38-43 дәреже
аралығында өзгериўи күтилмекте. Арқа, шөл ҳәм қубла районларда айырым жерлерде
ҳаўа 45 дәрежеге шекем ысыйды.
Июль айының
орташа температурасы климатлық нормадан 1,5-3 дәреже жоқары болыўы күтилмекте.
Бунда ай тийкарынан қурғақ болады: жаўын-шашын муғдары нормадан төмен болыўы
прогноз етилмекте. Тек ғана таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде қысқа
мүддетли жаўын жаўыўы ҳәм гүлдирмама болыўы мүмкин.
Қәнигелер қатаң
ыссы дәўиринде тиккелей қуяш нурлары астында болыўды шеклеў, ишимлик режимине
әмел етиў, балалар, кекселер ҳәм созылмалы кеселлиги бар пуқаралардың
саламатлығына айрықша итибар қаратыўды усыныс етпекте.