Дүньяның ең күшли шахматшылары
қатнасқан турнирде Жавоҳир Синдаров 9 турда 5 упай топлап, 3-орынды ийеледи.
Өзбекстанлы гроссмейстер Уэсли
Со ҳәм Рамешбабу Прагнанандҳаадан жеңилип, турнирдиң бронза медалын қолға
киргизди.
Жарыс жуўмағында Синдаров 5 упай
топлап, 3-орынды ийеледи ҳәм 42 500 АҚШ доллары муғдарындағы сыйлыққа ийе
болды.
Солай етип, Өзбекстан ўәкили
абырайлы "Grand Chess
Tour 2026" турнириниң
жуўмақлаўшы басқышында ең күшли үшликтен орын алды.