Жаңа Өзбекстанда
диний-ағартыўшылық тараўда алып барылып атырған түпкиликли реформаларды
қоллап-қуўатлаў, мусылман дүньясы ойшыллары ҳәм уламаларының дүнья
цивилизациясының раўажланыўына қосқан бийбаҳа үлесин терең үйрениў, муқаддес
ислам дининиң тынышлық, адамгершилик, илим-ағартыўшылыққа умтылыў идеяларын
түрли миллетлер ҳәм халықлар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў жолындағы нәтийжели
ҳәм ибратлы жумысы, халықаралық көлемде динлераралық ҳәм цивилизациялараралық
қарым-қатнасты жолға қойыў, атап айтқанда, өзбек ҳәм әзербайжан халықлары
арасында дослық ҳәм туўысқанлық, руўхый бирге ислесиўди беккемлеў, диний ҳәм
дүньялық билимлерди пуқта ийелеген жетик қәнигелерди таярлаў, жас әўладты
кеңпейиллик, өз-ара аўызбиршилик ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет
руўхында тәрбиялаў бағдарындағы үлкен хызметлери ушын Кавказ мусылманлары
мәкемесиниң баслығы, Шайхулислом Оллоҳшукур Гуммат улы Пошозода Өзбекстан
Республикасының “Эл-юрт ҳурмати” ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев