Елимизде болып атырған жаңаланыў процесслеринде миллетлераралық татыўлық, өз-ара аўызбиршилик ҳәм дослық, тынышлық идеяларын беккемлеў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланған. Себеби, дослық, аўызбиршилик ҳәм өз-ара ҳүрмет жәмийет раўажланыўының беккем тийкарын қурайды. Мине, усы ийгиликли идеяларды үгит-нәсиятлаў мақсетинде ҳәр жылы 30-июль пүткил дүньяда Халықлар дослығы күни сыпатында белгиленеди. Бул күн инсаниятты бирликке, өз-ара ҳүрмет ҳәм кеңпейилликке шақыратуғын әҳмийетли шақырық болып есапланады.

Сәне мүнәсибети менен 23-31-июль күнлери мәмлекетимиз бойлап дәстүрий "Дослық" фестивалы өткериледи. Тоғыз күн даўамында барлық ўәлаятлардағы мәденият ҳәм дем алыў бағлары, театрлар, көркем өнер сарайлары және көргизбе залларында кең көлемли мәдений-ағартыўшылық бағдарламалар шөлкемлестириледи. Фестиваль шеңберинде абырайлы әнжуман, концерт, театр тамашалары ҳәм дөретиўшилик ушырасыўлар өткерилип, оларда түрли миллетлердиң мәденияты, көркем өнери, әдебияты ҳәм үрп-әдетлери кең жәмийетшиликке усынылады.

Балалардың жазғы дем алыў орынларында "Дослық балалықтан басланады" темасында ағартыўшылық илажлар, аймақларда "Дослық ырғақлары" концерт бағдарламалары, "Өзбекстан - кеңпейил дияр" ҳәм "Ана жер қушағынан..." деп аталған сүўретлеў өнери ҳәм халықаралық өнерментшилик көргизбе-ярмаркалары шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, "Улыўма миллий тилеклеслик - жаңа Өзбекстан раўажланыўының ҳәрекетлендириўши күши!" атамасында республикалық илимий-әмелий конференция өткерилиўи режелестирилген.

Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары менен 24-25-июль күнлери Самарқанд қаласында " Туўысқан қалалар халықаралық форумы" болып өтеди. Бул әнжуман аймақлараралық дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларын және де беккемлеўге хызмет етеди.

– Елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллериниң татыў жасап атырғаны бул диярда әзелден тынышлық ҳәм кеңпейиллик орталығының үстин болып киятырғанынан дәрек береди, – дейди Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитет баслығы Қаҳрамон Сариев. - 2021-жылы 30-июль мәмлекетимизде Халықлар дослығы күни деп жәрияланды. Бул әййям бир ҳәпте даўамында пүткил республика бойлап "Дослық" фестивалы сыпатында кеңнен белгиленеди.

Бүгинги глобалласыў дәўиринде жәмийетте турақлылық ҳәм миллетлераралық татыўлықты сақлаў ҳәр бир мәмлекет раўажланыўының тийкары болып есапланады. Кейинги жылларда барлық тараўларда болып атырған кең көлемли реформалар миллетлераралық қатнасықлар системасында да жаңа басқышты баслап берди. Бул бағдардағы жумысларды системалы шөлкемлестириўде миллий мәдений орайлардың орны шексиз.

Ҳәзир елимизде 157 миллий мәдений орай жумыс алып бармақта. Олар түрли халықлардың тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў және жас әўладқа жеткериў жолында нәтийжели мийнет етпекте. Орайларға 2021-жылдан баслап мәмлекетлик субсидиялар ажыратылып атырғаны олардың жумысын және де жанландырды. Аймақларда шөлкемлестирилген "Дослық үйлери" болса миллетлераралық қатнасықларды үйлестириў, жәмийетте аўызбиршиликти беккемлеў ҳәм бирден-бир пуқаралық өзликти қәлиплестириўге хызмет етпекте.

Миллий мәдений орайлар түрли мәдений-ағартыўшылық илаж, фестиваль ҳәм конференция, дөретиўшилик ушырасыў, көргизбе және миллий байрамларды шөлкемлестириў арқалы елимизде дослық, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеўге мүнәсип үлес қоспақта.

Усы жылдың алты айында "Өзбекстан - бирден-бир Ўатан!" сүрени астында көплеген мәдений-ағартыўшылық, илимий-әмелий илажлар ҳәм дөгерек сәўбетлери шөлкемлестирилип, оларға түрли миллет ўәкиллери ҳәм жаслар тартылды. Сырт мәмлекетлер менен мәдений-гуманитарлық байланысларды күшейтиў мақсетинде дослық жәмийетиниң қатнасыўында сырт ел делегациялары менен жоқары дәрежедеги ушырасыў ҳәм биргеликтеги мәдений илажлар өткерилди.

"Ватандошлар" жәмийетлик фонды менен биргеликте сырт елде жасап атырған ўатанласларымыздың қатнасыўында онлайн форумлар шөлкемлестирилди. Олардың елимиздеги социаллық-экономикалық реформалардағы қатнасын кеңейтиў бойынша жаңа перспективалы жойбарлар базасы қәлиплестирилди.

Соның менен бирге, "Дослық стеласы" орнатылғанының бир жыллығы мүнәсибети менен Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан дослық форумы шөлкемлестирилди. Онда Қырғызстан, Қазақстан, Тәжикстан ҳәм Әзербайжаннан келген мийманлар ҳәм жергиликли ўәкиллер қатнасты.

33 миллий мәдений орайдың есабат-сайлаў конференциялары табыслы өткерилди. Миллий мәдений орайлар павильонында турақлы түрде концерт бағдарламалары ҳәм кино көрсетиўлер болып өтпекте. Тийкарғысы, бул орайлар “Сабантой”, “Хидерлез”, "Ақ қалпақ" сыяқлы дәстүрий миллий байрамларды кең ҳәм көтериңки руўхта белгилеўде белсене қатнаспақта.

Сырт елде жасап атырған ўатанласлар менен байланысларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда, “Uz Global Think” форумы ҳәм "Наўайы нәпеси" жойбары шеңберинде Тәжикстан ҳәм Қазақстан қалаларында бир қатар илажлар өткерилип, сырт елдеги жаслар ушын 6 онлайн өзбек тили курсы шөлкемлестирилди ҳәм оларға бес мыңнан аслам китап ҳәм миллий мәдений қураллар жеткерип берилди.

Ең әҳмийетлиси, халықаралық майдандағы дослық байланысларымыз сезилерли дәрежеде кеңейди ҳәм нәтийжеде оннан аслам мәмлекеттиң қатнасыўында ири әнжуманлар өткерилди. Сырт елдиң 6 аймағы менен жаңа дослық байланыслары орнатылып, олардың улыўма саны 82 ге жеткерилди.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан - Саудия Арабстаны, Өзбекстан - Испания ҳәм Өзбекстан - Нидерландия дослық жәмийетлерин дүзиў жумыслары жедел даўам етпекте. Бул ҳәрекетлердиң барлығы елимиздеги татыўлық, кеңпейиллик ҳәм аўызбиршилик орталығын және де жоқарылатыўға хызмет етеди.

Бул бағдардағы реформалардың ҳуқықый тийкары болса Бас нызамымызда беккемлеп қойылған. Конституциямыз елимизде жасап атырған барлық миллет ҳәм халықлардың тили, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин ҳүрмет етиў және олардың раўажланыўы ушын барлық шараятларды жаратып бериўди кепиллейди.

Бүгин мектеплерде билимлендириў 7 тилде алып барылмақта, бул болса түрли миллет ўәкиллерине өз ана тилинде билим алыў имканиятын жаратады. Миллий теле ҳәм радиоканаллар 12 тилде эфирге узатады, газета ҳәм журналлар болса 14 тилде басып шығарылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, Өзбекстанның байлықлары көп, бирақ оның ең үлкен байлығы көп миллетли халқы болып есапланады.

***

30-июль күни елимизде болып өтиўи күтилип атырған "Дослық" фестивалы мүнәсибети менен мәмлекетимиздиң барлық аймақларында байрам илажына ҳәм халық сейиллерине айрықша таярлық көриў ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленген. Фестиваль елимиздиң бай мәдениятын көрсетиў ҳәм түрли халықлар арасындағы дослық байланысларын раўажландырыўды мақсет еткен.

Фестиваль шеңбериндеги илажлардың бир ўақыттың өзинде ҳәр қыйлы ўәлаят ҳәм қалаларда өткерилиўи халыққа өз аймағында миллий мәдениятлар, дөретиўшилик жәмәәтлер ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўындағы бағдарламаларды тамаша етиў имканиятын береди.

"Дослық" фестивалы менен байланыслы илажлар болса миллетлераралық қатнасықлар ҳәм өз-ара байланысларды буннан былай да беккемлеў жолында үлкен әҳмийетке ийе.

 

Гуличеҳра ДУРДИЕВА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы