Ҳүжжет Өзбекстан ҳәм Қытай аэронавигация хызметлери арасындағы биринши рәсмий келисим болды.

Бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары ҳаўа ҳәрекетин шөлкемлестириў, байланыс, навигация ҳәм бақлаў (CNS) технологияларын раўажландырыў, санластырыў, қәнигелерди таярлаў ҳәм тәжирийбе алмасыў болып есапланады.

Меморандум биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў ҳәм аэронавигация тараўындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў ушын тийкар жаратады.