Сөйлесиўде өз-ара пайдалы шерикликти буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды.
Өткен жылы “Traxys” компаниясы менен бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди: контракт келисимлери дүзилди, Ташкентте компанияның Орайлық Азиядағы биринши регионаллық офиси ашылды.
Әҳмийетли пайдалы қазылмалар тараўында, шийки затты терең қайта ислеў ҳәм Америка технологиялары тийкарында жоқары қосымша қунлы санаат өнимлерин ислеп шығарыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
“Traxys” әҳмийетли шийки зат ҳәм минераллар жеткерип бериў бойынша дүньяда жетекшилерден бири болып есапланады. Компания металл ҳәм минералларды сатып алыў, логистика, қаржыландырыў ҳәм сатыўды әмелге асырады, 20 дан аслам мәмлекетте жумыс алып барады.