Оман Султаны мәмлекетлеримиз арасындағы дослықты беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге қосқан үлкен үлеси ушын Президентимизди Султанның жоқары мәмлекетлик сыйлығы – "Ал Саид" ордени менен сыйлықлады.
Мәмлекетимиз басшысы бундай жоқары ҳүрмет ушын Оман Султанына шын жүректен миннетдаршылық билдирип, бул сыйлықты пүткил Өзбекстан халқына, мәмлекетлеримиз арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм беккем бирге ислесиўге жоқары ҳүрмет белгиси сыпатында қабыл ететуғынын атап өтти.
Өзбекстан Президенти, өз гезегинде, еки мәмлекет арасындағы дослық ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеў, сиясий-дипломатиялық, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды избе-из раўажландырыўға қосқан үлкен жеке үлеси ушын Оман Султанын "Олий Даражали Дўстлик" ордени менен сыйлықлады.
Атап өтилгениндей, бул сыйлық Өзбекстан мәмлекети ҳәм халқының Оман Султанының еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў бағдарындағы ҳәрекетлерине терең ҳүрметиниң көриниси болып есапланады.
Жетекшилердиң жоқары мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланғаны тәреплердиң мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы шерикликти буннан былай да беккемлеўге умтылысы исенимли екенин көрсетти.