Усынылған режелерге бола, пәрўазлар 2026-жыл 12-октябрьден баслап,
ҳәптесине үш мәрте әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. Рейслерди әмелге асырыў
ушын “Airbus A330” жүк самолётларынан пайдаланыў
режелестирилген. Еки жөнелисте де тасыўларды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта.
Трансшегаралық электрон саўда үскенелери ҳәм товарлары жүклердиң тийкарғы
категориялары болыўы мүмкин.
Ушырасыў даўамында тәреплер жаңа жөнелистиң иске қосылыўы мүмкин болған
коммерциялық ҳәм операциялық мәселелер, соның ишинде, аэропорт, жер үсти ҳәм
қоймахана хызмет көрсетиў шараятлары, ҳаўа кемелерине жанылғы қуйыў, зәрүр
инфраструктура ҳәм хызметкерлерди таярлаў мәселелерин көрип шықты.
Нанкин - Шығыс
Қытайдын ири тарийхый, санаат ҳәм логистика орайы, Цзянсу ўәлаятынын пайтахты.
Қала Шанхайдан 300 километр узақлықта, Янцзи дәрьясы бойында жайласқан.
Нанкин ҳәм Ташкент
арасында турақлы жүк рейслериниң жолға қойылыўы еки мәмлекет арасындағы
тиккелей жүк авиақатнаўлары географиясын кеңейтиў, саўда-логистика байланыслары
ҳәм электрон коммерцияны раўажландырыў ушын қосымша имканиятлар жаратады.