"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, шемби ҳәм екшемби күнлери республика аймағының көпшилик бөлиминде жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы сақланып турады, тек ғана Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятларының айырым жерлеринде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, айырым жерлерде гүлдирмама болыўы мүмкин.

19-апрель, екшемби күни Ферғана ойпатының айырым аймақларында да бираз жаўын жаўыўы мүмкин.

Республиканың арқа-батыс районларында 19-апрель екшемби күни айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи күтиледи, шаң-тозаң болыўы мүмкин.

Ҳаўаның температурасы дем алыс күнлери әсте-ақырын көтерилип, екшемби күни күндизги ўақытлары 20-25 дәрежеге шекем, қублада 26-28 дәрежеге шекем жылыйды.

Республиканың таўлы аймақларында 17-19-апрель күнлери ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, бийик таўларда жаўын-шашын (жаўын, қар) болады.

Таў алды ҳәм таўлы аймақларда сел-суў өтиўи мүмкин.

Ташкентте бүгин ҳәм дем алыс күнлери ўақты-ўақты менен азмаз қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы бүгин күндиз 14-16гр жыллы, шемби күни 19-21гр жыллы, екшемби күни 21-23гр жыллы.

Самал шығыстан күшсизден орташаға шекем еседи.