Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў бойынша миллий комитети турақ жай сатып алыўға қаржы жумсап атырған пуқаралардың ўәде етилген квартираларсыз ҳәм пулын қайтарыў имканиятысыз қалыўына жол қойып болмайды, деп есаплайды.
Бундай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында көрип шығылып атырған "Көп квартиралы турақ жайлар ҳәм басқа да көшпес мүлк объектлерин үлеслик тийкарда қурыў ҳаққында"ғы нызам жойбарында эскроу-счет системасын енгизиў нәзерде тутылмақта. Бул механизм бойынша қарыйдарлардың қаржылары арнаўлы банк есап бетлерине жайластырылады, қурылысшылар болса белгиленген шәртлер орынланғаннан соң ғана қаржы алады.
Бул алдаўшылық ҳәм пуқаралардың қаржыларынан мақсетсиз пайдаланыў қәўиплерин сезилерли дәрежеде азайтыў имканиятын береди.
Эскроу механизми қурылыстың үзликсизлигин де тәмийинлейди. Атап айтқанда, жойбарды әмелге асырыўда үлкен машқалалар болған жағдайда тезлик пенен басқа қурылысшыны тартыў мүмкин. Усы тәризде қурылысшы өз миннетлемелерин орынлай алмаса да, қурылыс жуўмақланады.
Миллий комитеттиң пикиринше, турақ жай қурылысының тийкары қарыйдарлардың қаржыларын исенимли қорғаў, қурылысшылардың өз миннетлемелерин сөзсиз орынлаўы, сондай-ақ, ҳадал базар қатнасыўшылары ушын ашық-айдын ҳәм теңдей шараятлар болыўы керек.
Бундай кризисли жағдайлардың алдын алыў ҳәм пуқаралардың қурылып атырған турақ жай базарына исенимин тиклеў ушын "эскроу" системасын тезирек енгизиў зәрүр қәдем болып есапланады.