Кейинги жыллары Хорезм ўәлаятында туризм инфраструктурасын раўажландырыў, хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм мийманлардың аймақта болыў мүддетин көбейтиўге айрықша итибар қаратылмақта. Кейинги тоғыз жылда бул жерде 280 мийманхана ҳәм мийман үйлери қурылды, мийманхана фонды 4 есеге көбейди, 11 жаңа туризм объекти иске қосылды. Кейинги бес жылда сырт елли туристлердиң саны 10 есеге артты.
Жаңа туризм қалашасы тарийхый мийрас ҳәм заманагөй қала қурылысы шешимлерин үйлестирген ҳалда қурылады. Оның архитектуралық концепциясын ислеп шығыўда Хорезмниң көп әсирлик қала қурылысы дәстүрлери, соның ишинде, 1511-жылы Хийўа ханлығының биринши пайтахтына айланған әййемги Вазир қаласының тарийхый режеси ҳәм көшелер тармағы тийкар етип алынған.
Улыўма майданы 12,3 гектар болған комплексте мийманханалар, тарийхый ҳәм заманагөй экспонатларға ийе музей, миллий ҳәм халықаралық тағамлар ресторанлары, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери жайласады.
Аймақтың үлкен бөлеги жасыл аймақлар ҳәм сейил етиў бағларына ажыратылады. Каскадлы фонтанлар ҳәм ишки каналлар қурыў нәзерде тутылған. Автомобиль турыў орынларында қуяш панельлери орнатылған бастырмалар орнатылады.
Хорезмде транспорт-логистика ҳәм туризм инфраструктурасын избе-из раўажландырыў туристлер ағымын көбейтиўге хызмет етип атырғаны атап өтилди. Бул бағдарда заманагөй туристлик комплекслерди шөлкемлестириў, хызметлер көлемин кеңейтиў, мийманлардың ўәлаятта болыў мүддетин узайтыў үлкен әҳмийетке ийе.
Жаңа қалаша Ишан-қалада туристлик жүкти азайтыў, саяхатшылар ушын жаңа жөнелис ҳәм хызметлерди жаратыўға хызмет етеди. Жойбар шеңберинде мыңлаған жаңа жумыс орынларын, сондай-ақ, автомобиль ҳәрекетинен жырақ жасыл дем алыў орынларын жаратыў нәзерде тутылған.