Тәбийғый ресурсларды терең қайта ислеў ҳәм жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў мәмлекетимиз санаат сиясатының әҳмийетли бағдарларынан бири. Бухара районындағы кластер нефть ҳәм газ конденсаты, нафта, метанол ҳәм пиролиз дистиллятын қайта ислеўге қәнигелескен. Бул республикадағы бирден-бир комплекс болып есапланады.

Кәрхана 69 гектар майданды ийелейди. 500 ге шамалас адам мийнет етпекте. Комплекстиң қуўатлылығы жылына 100 мың тонна пиролиз дистиллятын, 160 мың тонна нафта ҳәм газ конденсатын қайта ислеў имканиятын береди. Бул жанылғы менен бирге химия санааты ушын өнимлер алыў имканиятын береди. Атап айтқанда, октан-бустер бензинниң сапасын жақсылаўда, еритиўшилер бояў, лак, желим ҳәм турмыслық химия ислеп шығарыўда қолланылады.

Мәмлекетимиз басшысына кластерди кеңейтиўдиң кейинги басқышы ҳаққында мағлыўмат берилди.

2028-жылдың ақырына шекем 292 миллион долларлық инвестициялық жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Онда газ конденсаты ҳәм нафтаны қайта ислеў, ароматикалық углеводородлар ҳәм еритиўшилер ислеп шығарыў нәзерде тутылған. Нәтийжеде жыллық қайта ислеў қуўатлылығы және 400 мың тоннаға артады, 700 жаңа жумыс орны жаратылады.

Жаңа қуўатлықлардың иске қосылыўы менен технолог, инженер, химик ҳәм лаборатория қәнигелерине талап артады. Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз басшысы регионда профессионал билимлендириў ҳәм өндиристиң өз-ара байланысын күшейтиў зәрүрлигине итибар қаратты.

Кәрхана тәрепинен Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Аўғанстан ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлерине жылына 180 мың тоннаға шамалас нефть-химия өнимлери, автомобиль бензини ҳәм дизель жанылғысын экспорт етиў режелестирилген. Буннан тысқары, 2028-2030-жылларда 150 мың тонна суйылтырылған газди қайта ислеў жойбары бойынша сырт елли шериклер менен сөйлесиўлер алып барылмақта.

Президентимиз кластердиң экспорт потенциалын арттырыў, жаңа өндирис қуўатлықлары ушын маман кадрлар таярлаў бойынша усыныслар берди.