Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Россия
Федерациясы Президенти Владимир Путинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин
жеткерди.
Өзбекстан - Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын
тереңлестириў шеңберинде жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў
мәселелери көрип шығылды.
Барлық бағдарларда жедел сөйлесиўлер алып барылып атырғаны қанаатланыўшылық
пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми турақлы артып бармақта, санаат
кооперациясы бойынша әҳмиетли жойбарлар әмелге асырылмақта,
мәдений-гуманитарлық алмасыў кеңеймекте.
Мәмлекетимизде биринши интеграцияласқан атом электр станциясын қурыў
жойбарын әмелге асырыў, сондай-ақ, тыныш атом тараўындағы бирге ислесиўге
айрықша итибар қаратылды.
Өз-ара жеделлестириў бойынша келисимлерге ерисилди.