Жоқары мәртебели мийманларды "Никола Тесла" халықаралық аэропортында Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич өмирлик жолдасы менен шығарып салды.

Өзбекстан Президентиниң Сербияға дәслепки рәсмий сапары еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында жаңа басқышты баслап берди. Сөйлесиўлер жуўмағында жетекшилер Стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойды. Буннан тысқары, тийкарғы бағдарлар бойынша ерисилген келисимлерди беккемлеген салмақлы ҳүжжетлер алмасылды.

Өзбекстан басшысына Сербияның жоқары мәмлекетлик сыйлығы - Сербия Республикасының "Үлкен шынжыр" орденин тапсырыўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Сондай-ақ, Белград көшелеринен бирине "Ташкент" аты берилди.

Исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде еки мәмлекет жетекшилери биргеликтеги бизнес-форумда қатнасты.

Рәсмий сапар жуўмақланғаннан соң Өзбекстан Президенти Ташкентке жөнеп кетти.

Сербия ҳаўа кеңислигинде жоқары мәртебели мийманның бортына мәмлекет Әскерий ҳаўа күшлериниң қырыўшы самолётлары ерип барды.