Усы жыл 5-июньнан елимиздеги жоқары ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлерине оқыўға кириў ушын ҳүжжетлерди қабыллаў басланды. Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 24-майдағы "Жоқары билимлендириў шөлкемлерине оқыўға қабыллаў ҳәм мәмлекетлик буйыртпаны жайластырыў системасын жетилистириў ҳаққында"ғы пәрманына муўапық, быйыл да жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриатына қабыллаў процеси еки басқышта - "Алдын тест, соң таңлаў" принципине муўапық өткериледи.

Дизимнен қалай өтиледи?

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң мағлыўматына бола, биринши басқышта абитуриентлер ҳәр жылғыдай 5-июньнан 25-июньға шекем (сол күни де) тест сынағын тапсырыў ушын Билимди баҳалаў агентлигиниң my.uzbmb.uz сайтында онлайн дизимнен өтеди. Буның ушын "Дизимнен өтиў" айнасына абитуриенттиң паспорт сериясы ҳәм номери, жеке идентификация номери, телефон номери, пароль, тәкирар пароль және арифметикалық аңлатпаның мәниси (4+5=9) жазылады. Шахсқа тийисли мағлыўматлардан пайдаланыўға разылық берген ҳалда "Дизимнен өтиў" түймеси басылады. Буннан соң абитуриенттиң телефон номерине СМС хабар жибериледи. Ондағы 5 таңбалы сан бағдарламаға киргизилип, мағлыўматлар тастыйықланады. Егер абитуриент усы сайтта алдын дизимнен өткен, яғный қайта ҳүжжет тапсырып атырған болса, "Кириў" бөлимине телефон номери, пароль ҳәм арифметикалық аңлатпа мәнисин киргизген ҳалда жеке кабинетине кириўи мүмкин. Сондай-ақ, жеке кабинетке One ID системасы арқалы кириў имканияты да бар. Жоқары ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлерине қабыллаў бөлимине кирип, "Хызметтен пайдаланыў" түймеси басылады. Абитуриенттиң турақлы жасаў мәнзили Ишки ислер министрлигиниң "Мәнзил" мәлимлеме системасынан алынады. Абитуриенттиң жасаў мәнзили автомат түрде қәлиплестирилмеген болса, өзи толтырады.

"Тамамлаған билимлендириў мәкемеси" айнасынан абитуриент тамамлаған билимлендириў мәкемеси жайласқан аймақ, мәкемениң түри, аты ҳәм де питкериў жылы таңланып, ҳүжжет сериясы ҳәм номери жазылады. Егер абитуриент тамамлаған билимлендириў мәкемеси бағдарламада жоқ болса, мәкеме түринен "Басқа оқыў орны" таңланып, мәкеме аты жазба киргизиледи. Быйылғы питкериўшилердиң мағлыўматы тийисли министрликлер ҳәм уйымлардан реал ўақыт режиминде алынғаны себепли олар питкерген билимлендириў мәкемеси бойынша мағлыўматларды киргизбейди.

Арза тапсырыў бөлиминде оферта менен танысып тастыйықлағаннан соң тест тапсырылатуғын аймақ ҳәм билимлендириў тили, соң тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси таңланады. Егер абитуриент тек тест сынағында қатнасатуғын болса, пәнлер комплекси, билимлендириў тили, тест тапсырыў аймағы таңланады. 2026/2027-оқыў жылы ушын бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм оларға сәйкес тест сынағы (кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан) тапсырылатуғын пәнлер комплекси тастыйықланды, 227 бағдар бар.

Абитуриент таңлаған пәнлер комплексинде шет тили болса, тийисли шет тили де таңланыўы керек. Егер пәнлер комплексинде кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан бар болса, билимлендириў тили, тест тапсырыў аймағы, айрықша қәбилет талап етилетуғын билимлендириў бағдары, кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан тапсырылатуғын жоқары оқыў орны таңланады.

Пәнлер комплекси таңланғаннан соң усы пәнлер комплексине сәйкес билимлендириў бағдарларының дизими менен танысыў мүмкин. "Сақлаў" түймеси басылғаннан соң мағлыўматларды тастыйықлаў ушын абитуриенттиң телефон номерине СМС хабар жибериледи. СМС хабардағы кодты программаға киргизиў арқалы мағлыўматлар тастыйықланады. Буннан кейин абитуриенттиң дизимге алыў бети қәлиплестириледи. Бетте оның жеке мағлыўматлары, имтихан мағлыўматлары, жеңилликлери, абитуриентлерге еслетпе ҳәм абитуриент дизимге алынған ўақыт сәўлеленген болады. "Жүклеп алыў" түймеси арқалы абитуриент дизимге алыў қағазын жүклеп алыўы мүмкин.

Кимлер имтихан тапсырыў ушын пул төлемейди?

Есап бетинде абитуриентлер пул төлеўи ушын инвойс пайда болады. Төлемди әмелге асырыў менен дизимнен өтиўдиң биринши басқышы жуўмақланады. Пулды электрон төлем системалары ямаса банк кассалары арқалы төлеў мүмкин. Тест тапсырыў ушын төлем муғдары БЕМниң 50 проценти муғдарында (206 мың сум) болады. Онда майыплығы болған шахслар, толық мәмлекет тәмийнатындағы шахслар, Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри мәлимлеме системасында дизимге алынғанлар ҳәм олардың перзентлери, "Жаслар дәптери"не киргизилгенлер ҳәм билимлендириў мәкемелерин усы жылы тамамлаған абитуриентлерден төлем өндирилмейди. Бул категориядағы абитуриентлер ушын инвойс қәлиплестирилмейди. Биринши мәрте жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырып атырған абитуриентлер де төлем төлемейди.

Жеңилликлерден пайдаланыў тәртиби қандай?

Егер абитуриентте улыўма билим бериў пәнлеринен миллий сертификат болса, оннан пайдаланыўды тастыйықлаўы ямаса бийкар етиўи керек. Мәселен, абитуриент алған сертификатқа аз балл берилетуғын болса, ол буннан көбирек балл топлайтуғынына исенсе, сертификаттан пайдаланыўдан бас тартады.

Улыўма билим бериў пәнлеринен максимал балл бериўши сертификат мағлыўматлары автоматикалық түрде қәлиплеседи. Шет тилинен B1 дәрежедеги миллий сертификат бар болғанда сертификаттан пайдаланыўды тастыйықлаў ямаса бийкарлаў лазым. Шет тилинен B2 ҳәм оннан жоқары дәрежедеги миллий сертификат мағлыўматлары да автоматикалық түрде қәлиплеседи. Абитуриенттиң шет тилинен ямаса улыўма билим бериў пәнлеринен халықаралық сертификаты болса, "Халықаралық сертификатлар" бөлимине сертификат мағлыўматлары киргизиледи. Басқа түрдеги жеңилликлер тийисли министрликлер ҳәм уйымлардан алынған мағлыўматлар тийкарында автоматикалық түрде толтырылады. Егер "Жеңилликлер" бөлиминде абитуриенттиң жеңиллиги шықпаса, жеңилликти берген министрлик ямаса уйымға мүрәжат етиў керек.

Енди Президентимиздиң 2026-жыл 7-апрельдеги "Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметти өтеўдиң абырайы ҳәм тартымлылығын арттырыў бойынша гезектеги илажлар ҳаққында"ғы қарарына тийкарланып мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған әскерлер де хызметти өтеў дәўиринде әмелдеги тәртипте жоқары билимлендириў шөлкемлериниң бакалавриатының аралықтан билимлендириў түрине абитуриент сыпатында дизимнен өтиўи мүмкин.

"Қабыллаў-2026" штабының жумысы жолға қойылды

Екинши басқышта абитуриентлер кириў имтиханлары толық жуўмақланғаннан соң 15 күн даўамында my.uzbmb.uz сайты арқалы жоқары билимлендириў мәкемеси, бакалавриат тәлим бағдары, тәлим түри, таңлаў үстинлигин таңлайды. Онда ол өзи топлаған балларды таллаўы, соған бола 5 ке шекем билимлендириў бағдарын таңлаўы мүмкин. 5 сертификат алып, мүддетинен алдын студент болғанлар да сертификатының улыўма баллынан келип шығып таңлайды. Билимлендириў бағдарларын бир ямаса бир неше ЖОО шеңберинде таңлаў да мүмкин. Мәселен, медицина бағдарындағы жоқары оқыў орнын алайық. Абитуриент оқыўды қәлеген 5 бағдар сол жоқары оқыў орнының өзинде болыўы мүмкин. Болмаса, басқа ЖООлардан таңлайды.

Жоқары оқыў орынларына кириў имтиханы июль-август айларында өткериледи. Абитуриент тест сынағында неше балл топлағанын имтихан өткерилген күнниң ертеңине билиўи мүмкин. Оның студентликке усыныс етилгенлиги ямаса усыныс етилмегенлиги қабыллаў процесиниң екинши басқышы толық жуўмақланғаннан кейин бир ҳәпте мүддетте Билимди баҳалаў агентлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

Техникумларда оқыў тилегин билдирген абитуриентлер жоқары оқыў орынларына қабыллаўдың жуўмақлаўшы нәтийжеси жәрияланғаннан соң 10 күн мүддетте техникум, кәсип ҳәм қәнигелик ҳәм билимлендириў формасын таңлайды. Нәтийже бир ҳәпте мүддетте Билимди баҳалаў агентлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

Ҳәзирги ўақытта абитуриентлер ҳәм ата-аналарға қолайлықлар жаратыў мақсетинде Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм барлық жоқары билимлендириў шөлкемлеринде "Қабыллаў-2026" штабының жумысы жолға қойылды.

Буннан тысқары, пуқаралар министрликтиң 1006, агентликтиң 1195 исеним телефонына ямаса @EduuzUniversalBotқа мүрәжат етиў арқалы өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алыўы мүмкин.

Муножат МЎМИНОВА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы