Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.
Саўда-экономикалық бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жыл басынан товар алмасыў көлеми 20 процентке артты.
Санаат, энергетика, металлургия, транспорт, химия ҳәм экономиканың басқа да тийкарғы тармақларында ири жойбарларды әмелге асырыў даўам еттирилмекте.
Товар алмасыўдың бүгинги пәтин сақлап қалыў, кооперация жойбарларын жеделлестириў, сондай-ақ, аймақлар дәрежесиндеги жедел сөйлесиўлерди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды буннан былай да тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылды. Атап өтилиўинше, усы күнлери Мариинский театрында опера премьерасы болып өтти.
Сондай-ақ, Мәмлекетлик Эрмитажда Өзбекстан әмелий көркем өнер көргизбеси ашылды.
Жетекшилер болажақ илажлар режесин де додалады.