Жаңа Өзбекстан идеясы тийкарындағы реформалар орайында инсан қәдири, мәплери ҳәм абадан турмысы турыпты. Бул процесслерди Қарақалпақстанның Беруний районы мысалында айқын көриў мүмкин.

Бул аймақта соңғы жыллары инфраструктураны раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық тараўларды жетилистириў бойынша бир қатар әмелий жумыслар исленди. Әсиресе, Халық депутатлары районлық кеңеси депутатларының белсендилиги, интакерлиги ҳәм орынлардағы машқалаларға шешим табыўдағы қатнасыўы халықтың исенимин буннан былай да беккемлеўде әҳмийетли фактор болмақта.

Районда жол инфраструктурасын жақсылаўға айрықша итибар қаратылған. Бурын халықты қыйнап келген ишки жоллардың оңлаўға мүтәж жағдайы басқышпа-басқыш сапластырылды. Атап айтқанда, Беруний районының шетки "Найман" мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы халық жыллар даўамында жоллар оңлаўға мүтәжлиги себепли қыйналып келген еди. Мәҳәлле "Абат аўыл" бағдарламасына киргизилип, жоллар қысқа мүддетте асфальтланды, ески турақ жайлар қайтадан қурып берилди. Бүгинги күнде басқа да әҳмийетли бағдарларда әмелий реформалар бой көрсетпекте. Соның ишинде, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мәселеси турақлы итибарда болды. Бурын суў тамтарыслығы бақланған болса, ҳәзирги күнде пүткил районда жаңа қудықлар қазылып, заманагөй суў тармақлары тартылды.

Исбилерменликти раўажландырыў бағдарында сезилерли нәтийжелерге ерисилди. Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерине қолайлы шараятлар жаратылды, жеңиллетилген кредитлер ажыратылмақта.

Бүгинги күнде бир қатар кәрханалардың жумысы кеңейип, ҳаял-қызлар, жаслар жумыс пенен тәмийинленип, дәрамат дәреги пайда болды.

Социаллық тараўда да әҳмийетли өзгерислер бақланбақта. Мектеплер, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм медицина мәкемелери оңланды, заманагөй үскенелер менен тәмийинленди, айырымлары жаңадан бой тикледи. Алыс аймақлардағы шаңарақлық поликлиникалардың жумысы жақсыланып, халыққа көрсетилип атырған медициналық хызмет сапасы артты.

Халық пенен ашық пикирлесиў системасының жолға қойылғаны, орынларда турақлы түрде өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар, халықтың мүрәжатларын үйрениў ҳәм оларға оператив шешим табыў әмелияты өзине тән дәстүрге айланып бармақта.

Әлбетте, еле шешимин күтип атырған мәселелер жоқ емес. Бирақ әҳмийетли тәрепи сонда, бүгинги күнде машқалалар жасырынып атырған жоқ, керисинше, ашықтан-ашық додаланып, оларды шешиў бойынша анық илажлар көрилмекте. Бул болса мәмлекет ҳәм жәмийет арасында исенимли қарым-қатнас қәлиплескенинен дәрек береди.

Раҳима ЙЎЛДОШЕВА,

Халық депутатлары Беруний районлық кеңесиниң депутаты