Бир ўақытлары пахта жетистириў ушын адамлар қыйтақ жерине шекем, төбесине шекем пахта еккен, теримге тартылған дәўирлерди жақсы еслеймиз. Сонда есабатларға қосып жазыўларды араластырып та бүгинги көрсеткишлерге ерисилмеген.

Бүгин болса жаңа агротехнологиялар, механизация ҳәм пахташылыққа өзгеше қатнас себепли усындай берекетли өним алынбақта. Ең әҳмийетлиси, буның ушын адамларды массалық түрде атызларға мобилизациялаўға, мәжбүрий мийнетке зәрүрлик қалмады.

Демек, жерден жоқары зүрәәт алыў ушын адамларды қыйнаў шәрт емес екен. Дурыс шөлкемлестирилген мийнет, заманагөй техника ҳәм нәтийжели агротехнологиялар менен де үлкен нәтийжеге ерисиў мүмкин екенлигин бүгинги санлар анық көрсетип тур.