Илаж даўамында мәҳәлледе жумыс алып барып атырған
“жетилик” ағзалары менен ушырасыў өткерилди. Онда мәҳәлледе халықтың
машқалаларын өз ўақтында анықлаў ҳәм шешиў, социаллық қорғаўға мүтәж
шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў,
исбилерменликти раўажландырыў сондай-ақ, мәҳәлледеги социаллық-руўхый орталықты
және де беккемлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилип, айрықша
атап өтилди.
Сондай-ақ, Актам Хаитов мәҳәлле баслығының басламасы
ҳәм пуқаралардың белсене қатнасыўы менен шөлкемлестирилген музей менен танысты.
Музейде қарақалпақ халқының бай тарийхы, миллий турмыс тәризи, әййемги
үй-руўзыгершилик буйымлары, өнерментшилик үлгилери ҳәм мәдений мийрасын
сәўлелендириўши экспонатлар жәмленген.
Атап өтилгениндей, бул музей тек ғана мәҳәлле халқын
емес, ал жас әўладты миллий қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, тарийхый
мийрасты қәстерлеп сақлаў ҳәм туризм потенциалын арттырыўға хызмет етип атырған
әҳмийетли руўхый орын есапланады.
лаж жуўмағында мәҳәлледе әмелге асырылып атырған
ийгиликли басламалар, халықтың аўызбиршилиги ҳәм пуқаралардың өз аймағын
абаданластырыўға қаратылған ис-ҳәрекетлери жоқары баҳаланды ҳәм бундай унамлы
тәжирийбелерди басқа мәҳәллелерде де кеңнен ен жайдырыў әҳмийетли екени атапөтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.