Сапар бағдарламасына муўапық, Белград қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң рәсмий ҳәм исбилермен топарлары ўәкиллериниң қатнасыўында бизнес-форум болып өтеди.

Болажақ сөйлесиўлердиң күн тәртибинен Өзбекстан - Сербия көп қырлы шериклигин және де беккемлеў мәселелери орын алған.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, транспорт, машина қурылысы, жеңил ҳәм азық-аўқат санааты, аўыл хожалығы, фармацевтика ҳәм мәлимлеме технологиялары сыяқлы тийкарғы бағдарларда қоспа жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылады.

Шөлкемлескен мийнет миграциясы тараўында бирге ислесиўди жолға қойыў, аймақлараралық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиў мәселелери де көрип шығылады.

Саммит жуўмағында ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық келисимлердиң салмақлы топламын қабыл етиў режелестирилген.