Аўа, биринши мәрте абырайлы халықаралық рейтинг агентлиги – "Fitch Ratings" Қарақалпақстанның сырт ел ҳәм миллий валютадағы узақ мүддетли кредит рейтингин "ВВ-" дәрежесинде, рейтинг прогнозын болса "Турақлы" деп белгиледи. Сондай-ақ, аймақтың финанслық профили "АА" дәрежесинде баҳаланған. Бул, әлбетте, Қарақалпақстанның экономикалық потенциалы, финанслық турақлылығы ҳәм инвестициялық тартымлылығының халықаралық көлемдеги және бир үлкен тән алыныўы болып есапланады.

Әҳмийетлиси, мәмлекетимиз басшысының бул жерге, қарақалпақ елине қаратып атырған айрықша итибары ҳәм ғамхорлығы нәтийжесинде бул жерде турмыс қайта жанланып, сондай итибарға ийе болды, бул Қарақалпақстан ушын оғада үлкен имканиятлар беретуғынын ҳәр бир ўатанласымыз аңлап жетпекте.

Соның ишинде, қәниге ҳәм экспертлер бул тәреп сырт елли инвесторлар ҳәм халықаралық финанс институтлары ушын исенимли кепиллик ўазыйпасын атқаратуғынын, нәтийжеде, ири инфраструктуралық ҳәм санаат жойбарларын әмелге асырыў ушын халықаралық капитал базарларынан қаржы тартыў имканиятының кеңейетуғынын, жаңа өндирис қуўатлықларын иске қосыў ҳәм дәраматлы жумыс орынларын ашыў пәти және де артатуғынын атап өтпекте. Ҳәр қыйлы кәсип ийелери ҳәм жергиликли халық өз шаңарағы ҳәм перзентлериниң келешеги буннан былай да абадан болатуғынына исеними артып атырғанын шын кеўилден билдирмекте. Бир сөз бенен айтқанда, олар мәмлекетимизде жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы реформалардың нәтийжесин өз өмири мысалында көрмекте.

Әсиресе, жылдың биринши ярымында экономикалық өсиў пәти 10,2 процентти қурап, Қарақалпақстан бул көрсеткиш бойынша Ташкент қаласынан кейин екинши орынды ийелегенин адамларымыз Президентимиздиң Ташкентте қандай шараят болса, Қарақалпақстанда да сондай болады, деген исенимли пикириниң дәлили сыпатында көрмекте.

Бир ўақытлары дотацияда отырған, Арал қурыўы ақыбетинде жәбир көрип атырған халыққа пүткил дүнья аяныш сезими менен қараған, экономикалық-социаллық жағдай ең аўыр болған Қарақалпақстан бүгин Өзбекстанның ең жедел раўажланып атырған аймақларынан бирине айланғаны, әлбетте, қыялымызда тек ғана мақтанышлы мийнет ҳәм пидайылықтан ибарат он жыллық тарийхты сәўлелендиреди.

...Қурыған теңиз, қуўраған әтирап, ойлы-бәлент көшелер, төгилип атырған жайлар, қала деп айтыўға тил бармайтуғын Нөкис, дерлик умытылған Мойнақ, алыста бозлаған Бозатаў, пайызы кеткен районлар... Жақын өтмиштеги бул кеўилсизлик ҳәзир мисли түс сыяқлы.

Жақсының жақсысын айт

Қарақалпақ халқының тәбиятына сай анық бир нақылы бар: жақсының жақсысын айт – дәўлети тассын, дейди. Бирақ Қарақалпақстанның тарийхында болмаған, бир заманлар пүткиллей илажы жоқтай түйилген жумыслар әмелге асырыла баслаған, буннан дүнья таңланып атырған бир ўақытта биз — жергиликли журналистлер "Бүгин бул объект қурылысы басланды", "Бүгин бул имарат пайдаланыўға тапсырылды"дан арыға өтпей, тепсинип турғандай едик. Енди түсинсем, тийкарында бул реформалардың жеделлиги алдында "албыраў" екен.

Ақыры биз бундай жедел, көлеми кең, “бийдайды сараққа, қабығын қабыққа” шығарып, "жақсыларын" раўажландырып, "пушы"н жаңалап атырған, экология, флора ҳәм фауна, дөретиўшилик, экономика, билимлендириў, медицина, инсан қәдири, ҳеш нәрсени итибардан шетте қалдырмай, "даўылдай жапырылып" келген реформаларды көргенбиз бе!? Әтирапымыз ҳеш ўақытта буншелли мәдетке толып па еди? Бир ўақытлары Қарақалпақстанға еки күнге хызмет сапарына келиўди қәлемейтуғын, келсе де халық ишип атырған суўдан емес, тазаланған ишимлик суў алдырып ишетуғын министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери Мойнақта, Бозатаўда, Қараөзекте усы жердеги адамлар менен бирге нан-дуз жеп, дөретиўшиликлерге бас болады, пүткил ўәлаятлардың исбилерменлери Аралбойында жәм болады, деп ким ойлап еди?!

Қурыған саҳра, қурыған теңиз үстине сырт елден инвестиция жаўылатуғыны қыялымызға келген бе?! Гәптиң ашығын айтқанда, шетки аўылларда адамлардың бир бөлеги басқа еллерге көшип болған, және бир бөлегиниң көш-көшлери көшиўге таяр турған, усы жердиң бары-жоғына қарамастан шын кеўилден сүйетуғынлар ғана қалған, ал жат еллерде басқа исти басқарыўды еплей алмайтуғынлар ғана қалған ўақытта турмыстың пүткиллей өзгерип кететуғыны бизлердиң түсимизге де кирмеген еди.

Қалаберди, адамлар усы өмирге көнлигип қалған еди. Көшелер, мәҳәллелер, жол бойларына ҳәр жылы гүз ҳәм бәҳәрде егилген саяманлы ҳәм мийўели нәллер сәл өтпей қуўрап қалса, жердиң шорлығы ҳәм суўдың жоқлығын тәбиятқа байланыстырып өтип кете беретуғын, созылмалы жөтел шаршаған ямаса бүйреклеринде жыйналған таслар тез-тез тутатуғын, түрли кеселликлерден аўыр ақыбетлер арттырған адамлар ҳәммесин тәғдирге жорыйды, не ушын бундай деп ҳеш ким жар салмайтуғын еди. Себеби олардың дәртлерин сезе алатуғын жүрек, даўын еситетуғын адам жоқ еди.

Әне усындай бир ўақытта Қаратаўдың көкирегине самал тийди. Оның бағдарын болса Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев белгилеп берди.

Күтилмегенде басланған күтилмеген реформалардың жеделлиги алдында көпшиликтиң, менмен деген сиясатшылар, илимпазлар, ҳәр қыйлы тараўлардағы жетик қәнигелердиң сана-сезими әззи қалғаны да ҳақыйқат.

Барлық қарақалпақстанлы жерлеслеримиз жақсы еслейди: Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Президенти сыпатында биринши сапарын қарақалпақ жеринен баслаған. Яғный 2017-жылы бир емес, еки мәрте Қарақалпақстанға барды. "Мәденият Мойнақтан басланады" деген идея дәслеп сол жыллары алға қойылды.

Ол ўақытта Мойнақ поезддан үзилип, шөлистанда қалып кеткен соңғы вагондай гәп еди. Ҳәтте ишиўге суў болмаған жерде де мәденият ҳаққында айтыў мүмкин бе? Бирақ бул жерде әпиўайы мәденият ҳаққында сөз болмай атырғаны анық еди. Бул сораўға ҳақыйқый жуўап көп өтпей көз алдымызда айқын көзге таслана баслады. Қысқа мүддетте Мойнаққа Қоңыраттан 104 километрлик ишимлик суў тармағы тартылды. Жаңа турақ жайлар, "Мойнақ сити" қурылды.

Әсиресе, Мойнақ аэропорты жаңаланып, пайдаланыўға тапсырылғаны және бир тарийхый ўақыя болды. 30 жылдан соң қайта қурылған аэропортқа биринши мәрте 2022-жыл 23-февральда Өзбекстан Республикасы Президентиниң самолёты келип қонды.

Район орайында 245 орынлық жаңа мәденият үйи, 1000 орынлық стадион ҳәм 800 орынлық амфитеатр қурылды. Халықаралық абырайлы илажлар өткерилиўи дәстүрге айланды. Қулласы, аймақ мысалында мәденият түсинигиниң мазмун-мәниси бир қанша кең мәнисте көринди.

Әҳмийетлиси, Мойнақтан басланған мәденият епкини Қарақалпақстанның барлық аймағына тек ғана қала-районлар емес, ҳәттеки оғада шетки ҳәм алыс, жүдә аз санлы халық жасайтуғын алақандай аўылларға да жетип барды. Бул болса мәмлекеттиң бирде-бир пуқарасы ҳәм бир қарыс аймағы реформалардан шетте қалмай атырғанынан дәрек береди.

Атада болмаған имканият улда бар

Нөкисли Шерзод Ниязимбетов жас болыўына қарамастан, истиң көзин билетуғын исбилермен сыпатында тек ғана пүткил Қарақалпақстан емес, ал елимиз ҳәм сырт елде де көпшилик биледи. Ол "Биогумус" фермер хожалығын шөлкемлестирип, 2018-жылдан берли "Қуяшта кептирилген, экологиялық таза, органикалық помидор ислеп шығарыў ҳәм экспортты кеңейтиў" жойбарын әмелге асырып келмекте.

Жас исбилермен жойбарды кеңейтиў ҳәм модернизациялаў мақсетинде 2022-жылы 5,7 миллиард сум қаржы есабынан Қытайдан қуўатлылығы 300 тонна болған музлатқышлы қоймахана ҳәм заманагөй қадақлаў үскенелерин алып келип орнатты. Ҳәзирги ўақытта фермер хожалығы тәрепинен 60 гектар майданда Италияның Сан-Марсано помидор сорты жетистирилмекте. Фермер хожалығы тәрепинен қайта исленген помидор өнимлери “Ecocert organic standart” ҳәм “ISO 22000:2018” халықаралық сапа сертификатларына ийе. Ҳәзир өнимлер Италия, Франция, Түркия ҳәм басқа да мәмлекетлерге килосы 5,5-6,2 доллардан экспорт етилмекте.

Исбилермен усы жылы Нөкис районында бир күнде 10 мың ыдыс өним ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе консерва заводын қурып, иске қосты. Бул жерде қосымша 40 ўатанласымыздың бәнтлиги тәмийинленген. Турақлы ҳәм мәўсимлик атыз жумысларында болса 200 адам ислейди.

- Фермер хожалығын Президентимиздиң жасларға, улыўма Қарақалпақстанға қаратып атырған айрықша итибарынан руўхланған ҳалда шөлкемлестиргенмен, – дейди Шерзод Ниязимбетов. - Мәмлекетимиз басшысы менен үш мәрте ушырасып, келешекте жумысымды және де кеңейтиў бойынша баҳалы усынысларын алғанман. Бул маған жүдә үлкен күш-ғайрат бағышлаған.

Аўа, Шерзод ерискен үлкен нәтийжелерге ҳәр қандай адам ҳәўес етиўи тәбийғый, бирақ буның артында бир әрманлы гүрриң де бар.

Ҳаслы аўыл хожалығы хызметкери болған Шерзодтың әкеси Қадиримбет Ниязимбетов 2000-жыллардың басында органикалық өнимлер ислеп шығарыў жойбарын әмелге асырыўды баслайды. Жер алады, аўыл хожалығы өнимлерин егеди, жақсы өним топлайды, оларды қуяшта кептирип, сырт елге экспорт етпекши болады. Бирақ ол ўақытта Қарақалпақстаннан сырт елге өним алып шығыў оғада машақатлы жумыс еди. Себеби буның ушын сансыз бюрократиялық тосқынлықлар болар еди, оларды жеңип өткен жағдайда да, логистика ҳәм базар мәселеси белгисиз еди. Аймақта бул жумыс пенен шуғылланатуғын тек ғана бир компания болып, оның есигин енди жумыс баслаған исбилермен ашыўы ҳәм бирде-бир жумысын шеше алыўы мүмкин емес еди. Қулласы, исбилермен бес жыл жуўырысып мийнет етеди, бирақ мәмлекеттиң ишинде де, сыртында да өнимине базар таба алмады. Соннан кейин түңилди ҳәм 2005-жылы жумысты тоқтатты.

Сонда ол баласына тек оқыў, жақсы айлық алатуғын қандай да бир жумыста ислеў, исбилерменликке болса улыўма жақынласпаўды қатаң тапсырады. Кейин ала абырайлы университетти тамамлап, Ташкентте жумыс ислей баслаған Шерзодта атасына әрман болып қалған жумысты әмелге асырыў тилеги пайда болады.

Бул тилекке түртки болған фактор болса, әлбетте, сол ўақытта мәмлекетте, атап айтқанда, Аралбойында басланған реформалар еди. Ол Ташкентте ислеп, Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2017-2018-жылларда Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў, Аралбойында исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға қаратылған барлық пәрман ҳәм қарарларды оқып, үйренип барды. Мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға сапарлары шеңбериндеги баянатларын дыққат пенен тыңлады. Усынылып атырған имканиятлар ҳәм жеңилликлерде өзи ушын ашылып атырған үлкен жолды көрди. Усылайынша "Мениң орным Қарақалпақстанда" деген қатаң шешимге келди.

Аўылға бир келгенинде әкесине аўылға қайтып, исбилерменлик жумысын баслаў нийети бар екенлигин айтады. Өзи танысқан барлық қарар ҳәм пәрманлардың мазмун-мәнисин түсиндирмекши болады. Бирақ әкеси "Бул қағазларға исенбе. Мен де бир ўақытлары усындай қарар ҳәм пәрманларға исенип жумыс баслаған едим. Турмыста улыўма кериси болып шықты. Бундай елес нәрселерге кыялыңды бөлме. Ташкенттей үлкен қалада жасап, ислеп атырсаң. Турмысың, жумысың жақсы, тағы не керек?" дейди қатаң түрде.

Шерзод бир жағынан әкесиниң пикирине қарсы бара алмас еди, екинши жағынан болса, қәлбиндеги әрман анық мақсетке айланып үлгерген еди. Ақыры тәуекел етиўге қарар етти. Бирден жумыстан босады да, Нөкис районының Ақмаңғыт аўылына қайтты ҳәм исбилерменлик таярлығына киристи.

Дәслеп жети гектар жер алып, помидор екти. Оны кептирип сатыўдан жумыс баслаған жигиттиң исбилерменлик жолында сол өзи оқып, үйренип шыққан ҳүжжетлердиң ҳәммеси толық-толық иске аса баслады. Нәтийжелер көп күттирмейди. Табыс есиклери ашылды. Буны көрген әкеси де енди реформалар әпиўайы сөз ямаса қағазда қалатуғын жазыў емес, турмыслық ҳақыйқат екенине исенди ҳәм баласына ақ жол тиледи. Аўа, кеше аталарда болмаған имканият бүгин жасларда, ҳәр бир ул-қызда бар.

Бир баслама артындағы ийгиликли ислер

Мәмлекетимиз басшысы 2022-жыл февральда Қарақалпақстанға сапары ўақтында бир ийгиликли басламаны алға қойған еди. Үлкен режелер, мақсетлер, үлкен қаржы дәреклери менен бирге, Өзбекстандағы барлық ўәлаят ҳәкимлери ҳәм исбилерменлерин баслап келип, Аралбойы аймағын раўажландырыў мақсетинде ҳәр бир ўәлаятқа бир район бириктирилген еди.

Сол-сол екен қарақалпақ дияры дөретиўшилик майданына айланып кетти. Тек ғана дөретиўшилик емес, ал дослық, туўысқанлық, аўызбиршилик, мийрим-шәпәәт мәканына айланды. Ташкентли, ферғаналы, самарқандлы, қашқадәрьялы, барлық ўәлаяттан топар-топар ўәкиллер келип, заманагөй мектеплер, ықшам бақшалар, алдынғы медицина мәкемелери, саўлатлы китапханалар, бийик турақ жайлар қурыўға киристи. Бул ийгиликли ислер ҳәзир де даўам етпекте.

Олардан бири Қараөзек районы орайынан 25 километр узақта жайласқан "Қараөзек" аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 18-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми болып есапланады. Наманган ўәлаяты қурылысшылары қурған мәкеме 2024-жыл августта пайдаланыўға тапсырылды. Барлық қолайлықларға ийе бақшаға ҳәзир 70 ул-қыз тәрбияланбақта. Жаңа мәкеме есабынан ашылған 23 жаңа жумыс орны усы аўылдың ҳаял-қызларының жумыслы болыўына, шаңарағына берекет кириўине тийкар жаратты.

Себеби, аймақтағы төрт – Бүгежели, Анна қарамойын, Арал қызлары ҳәм Шамшат аўылларының халқы бир неше он жыллар даўамында балалар бақшасының жоқлығынан қыйналып келген. Аймақта бақша жасындағы балалар көп болыўына қарамастан, бирде-бир мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жоқ еди. Соның ушын да жергиликли халық бул басламаны шын кеўилден қоллап-қуўатлады.

- 2025-жыл Наўрыз байрамы алдынан Наманган ўәлаяты ҳәкимлигиниң ўәкиллери келип, балаларға саўғалар тапсырды. Перзентлеримиз де өзлериниң қосықлары менен миннетдаршылығын билдирди. Бул бақша ҳәм ҳәкимлик ўәкиллери менен ушырасыў нәресте балаларымыздың бир өмир есте қалатуғын ўақыя болды, – дейди бақша баслығы Арзыхан Айтмуратова.

Мүтәжликтен исбилерменликке

Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында жолға қойылған системалы жумыслар, соның ишинде, социаллық дәптерлер социаллық-экономикалық жақтан мүтәж мыңлаған ҳаял-қызларымызға мәдет болып атырғаны әйне ҳақыйқат. Олардың арасында қарақалпақстанлы апа-қарындасларымыз да көп.

Себеби, жыл басындағы хатлаўлардан кейин "Ҳаял-қызлар дәптери"не киргизилген тақыятаслы Дилфуза Саттарова ҳәм Мияссар Сапакова бүгин өз бизнесине ийе исбилерменлерден.

Районның Кенегес мәҳәллесинде жасаўшы Дилфуза пилле мәўсиминде пилле бағып, пахта мәўсиминде пахта терип, қалған ўақытлары асханаларда, базардағы нан-пәтир цехларында ислеп күн кеширетуғын еди. Ол "Ҳаял-қызлар дәптери"не киргизилгеннен кейин, киши исбилерменлигин баслаў ушын ссудаға газ плитасы, нан писириў печи, музлатқыш, сондай-ақ, қосымша 50 миллион сум жеңиллетилген кредит алды. Нанбайшылықтан хабардар Дилфуза "мәҳәлле жетилиги"ниң жәрдеми менен усы жылы сентябрьде нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығаратуғын киши цех жумысын жолға қойды.

- Дурыс, дәслеп қатты қыйналғанман. Нан писириўши печьтен пайдаланыўды билмегеним ушын бир күни нанларым күйип қалып, сата алмай, ҳәммесин үйге алып кеткенмен. Бирақ қысқа ўақытта үскенелерди дурыс ислетиўди ҳәм өнимлерди сапалы таярлаў сырларын үйренип алдым. Клиентлерим де көбейди. Мәҳәллемизде өткерилетуғын тойлар ҳәм басқа да илажлар ушын буйыртпалар түсе баслады. Бир өзим үлгере алмаған соң, қоңсы келинлерди жумысқа шақырдым. Ҳәзир бирде-бир өнимимиз сатылмай қалмайды, – дейди Дилфуза Саттарова.

Мияссар Сапакованың гүрриңи болса бираз басқаша. Кексе ата-анасы қараўсыз қалғанлығы себепли өмирлик жолдасы ҳәм үш перзенти менен ата үйине көшип келип жасай баслаған. Ол ўақытлары ол сыпайылық ететуғын еди. Бирақ екинши топар майыплығы болған анасының тез-тез тутатуғын созылмалы кеселлигин емлеў ҳәм үш жас баласының кем-кемшилигине ерли-зайыплының арзымайтуғын дәраматы жетпейтуғын еди. Ол жәрдем сорап мәҳәллеге шықты. Миясарды дәрҳал "Ҳаяллар дәптери"не киргизди.

Усы жылдың май айында балалар ҳәм ҳаяллар массажы курсында бийпул оқыды. Кейин ала усы бағдарда Нөкистеги қысқа мүддетли курста да оқып, сертификатлы болды. Соннан кейин ол массаж бойынша исбилерменлик жумысын баслаў тилегинде орын излей баслады. Әне, усындай бир ўақытта аўылда турмыслық хызмет көрсетиў орайы ашылды. Мәҳәллениң жәрдеми менен 10 миллион сум жеңиллетилген кредит ҳәм усы имараттан бир бөлме алып, исбилерменлик жумысын баслады.

- Аўылымыздан жас балаларды көбирек алып келеди. Аналарымыздың массаждан кейин "қолың аўырыў көрмесин", дейтуғыны кеўлимди таўдай көтереди. Дурысын айтқанда, бул жумысымыздан бир миллионнан он миллион сумға шекем дәрамат табыў мүмкин екенлигине қысқа ўақытта өзим исеним пайда етип атырман. Шаңарағымызға әдеўир берекет кирди, – дейди Мияссар.

Енди көз алдыңызға келтириң: бир жылда усы еки ҳаял, усы еки шаңарақтың дәраматы, турмысы, арзыў-мақсетлери, пикирлеўи түп-тийкарынан өзгериўи реформалардың жеделлигинен емес пе?! Жылдың басында кимдендур жәрдем күткен ҳаял жыл ақырына келип шаңарағына сүйениш, жәмийетте өз орнын тапқан инсан, исбилермен. Елимизде Дилфуза ҳәм Мияссарға уқсаған қаншадан-қанша тәғдир ийелери бар. Мәмлекетимизде кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында ерисилген нәтийжелер, факт ҳәм санларға ҳәмме де бирдей исене бермейди. Бундайларға айтар сөзимиз мынаў: Дилфуза ҳәм Мияссарға уқсаған турмысы пүткиллей өзгерген бир неше жүз мыңлаған инсанлардың турмысына бир нәзер таслан.

Жаңа қарар – жаңа бет

Жақында, анығырағы, 5-ноябрь күни Президентимиздиң "Қарақалпақстан Республикасында алып барылып атырған реформаларды буннан былай да жеделлестириўге қаратылған илажлар ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.

Қарар менен танысып шығып, Қарақалпақстанның социаллық-экономикалық раўажланыўында және бир жаңа бет ашылып атырғанына исеним пайда еттим. Бул бетти "“Nukus city”, Ташкент – Нөкис тез жүрер поезды, бийик бизнес орайы, жаңа киши санаат зоналары, Аралбойында 50 мың гектар тоғай жаратыў ҳәм басқа да бир қатар ири жойбарлар безейди. Аймақ жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ болады.

Демек, Қарақалпақстан жедел раўажланыўда даўам етеди, абырайлы халықаралық рейтинглерде өз орнын жоғалтпайды ҳәм керисинше, және де беккемлейди.

Назира МАТЯҚУБОВА,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты,

Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист