Сапардың биринши күнинде мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев пенен ушырасты. Жетекшилер жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў мәселелерин додалады.
15-октябрь күни мәмлекетимиз жетекшиси Баку қаласында болып өткен Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңестиң жетинши саммитинде қатнасты. Мәмлекетимиз басшысы Азияда исеним инфраструктурасын қәлиплестириў концепциясын ислеп шығыўды усыныс етти, технологиялық исеним ҳәм жасалма интеллекттен жуўапкершиликли пайдаланыў бойынша Азия басламасын алға қойды ҳәм климат турақлылығы тараўында бирге ислесиўди жолға қойыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Саммит шеңберинде Қатар Мәмлекетиниң Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Соний, Лаос Халық Демократиялық Республикасы Президенти Тхонглун Сисулит, Камбоджа Патшалығының Бас министри Хун Манет ҳәм Вьетнам Социалистлик Республикасының вице-президенти Во Тхи Ань Суан менен өз алдына ушырасыўлар болып өтти.
Сондай-ақ, саммит шеңберинде басқа да делегациялардың басшылары менен сәўбетлести.
Сапар етиў жуўмағында Гейдар Алиев атындағы халықаралық аэропортта жоқары мәртебели мийманды Әзербайжан Республикасы Бас министриниң орынбасары Шахин Мустафаев ҳәм басқа да рәсмийлер шығарып салды. Президент Ташкентке жөнеп кетти.